"Келажак мероси" сыйлығы жеңимпазлары сыйлықланды

    Ислам цивилизациясы орайына сапар шеңберинде Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Әзербайжан Президентлери "Келажак мероси" халықаралық сыйлығы лауреатларын салтанатлы сыйлықлаў мәресиминде қатнасты.

    Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары менен шөлкемлестирилген халықаралық сыйлық әдебият, мәденият, көркем өнер, илим, билимлендириў ҳәм санлы технологиялар тараўларында салмақлы жетискенликлерге ерискен миллий ҳәм сырт елли дөретиўши зыялыларды хошаметлеўге қаратылған.

    Биринши таңлаўда Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Әзербайжан ўәкиллери: "Әдебият" номинациясы бойынша ТҮРКСАЙ бас хаткери, Қырғызстан халық жазыўшысы Султан Раев, "Мәденият" номинациясы бойынша Тәжикстан халық шайыры Давлат Сафарзода, "Театр ҳәм кино" номинациясы бойынша М.Авезов атындағы Қазақстан Миллий драма театрының артисти Еркебулан Дайиров, "Музыка ҳәм аяқ ойын" номинациясы бойынша Әзербайжан халық артисти Алим Гасимов, "Сүўретлеў ҳәм әмелий көркем өнер" номинациясы бойынша Түркменстан халық художниги Бабасари Аннамирадов, "Илим, билимлендириў ҳәм санлы технологиялар" номинациясы бойынша Өзбекстан Аўыл хожалығы министрлиги жанындағы халықаралық орай директорының орынбасары, аўыл хожалығы илимлериниң докторы Дилафруз Эгамбердиева.

    Лауреатларға жетекшилердиң қатнасыўында сыйлық статуэткасы, диплом ҳәм 10 мың доллар ақшалай сыйлық тапсырылды.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates