21-октябрь - Өзбек тили байрамы күни мүнәсибети менен пайтахтымыздағы 248-санлы улыўма билим бериў мектебинде "Келешек сааты" сабағы болып өтти.
Сабақты "Янги Ўзбекистон" ҳәм "Правда Востока" газеталарының бас редакторы, филология илимлери бойынша философия докторы, доцент, Өзбекстан Республикасында хызмет көрсеткен журналист Салим Дониёров алып барды.
Илаж даўамында ана тилимиздиң инсан өмириндеги орны, оның руўхый ҳәм сиясий қүдирети, халық ой-пикирин ҳәм миллий сана-сезимди қәлиплестириўдеги роли ҳаққында пикирлер билдирилди.
Салим Дониёров өзиниң баянатында өзбек тилиниң уллы дөретиўшилер мийрасындағы орны, оның тартымлылығы ҳәм сөз байлығы, сондай-ақ, дүнья тиллери арасында барған сайын кеңнен тән алынып атырғаны ҳаққында айтып, жасларды ана тилине ҳүрмет ҳәм мақтаныш сезими менен қатнас жасаўға шақырды.
Мультимедиа қураллары тийкарында шөлкемлестирилген "Келешек сааты" сабағы интерактив ҳәм дослық орталығында өтти. Викторина сораўлары арқалы оқыўшылардың билим ҳәм көнликпелери сынақтан өткерилип, белсенди қатнасыўшылар естелик саўғалары менен сыйлықланды.
Бундай ушырасыўлар жаслардың санасында ана тилимизге болған муҳаббат, тилге ҳүрмет руўхын қәлиплестириўде әҳмийетли орын ийелейди.
Ҳаким ТАҲИР түсирген сүўретлер





