Мәмлекетимизде барлық тараўлардағы, соның ишинде, билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў системасындағы кең көлемли реформалар, социаллық қорғаў механизмлери келешегимиз даўамшыларының абадан турмыс кешириўин тәмийинлеўге хызмет етиўи менен әҳмийетли.
Ҳәр бир бала халықтың келешеги, миллеттиң руўхый ҳәм интеллектуаллық потенциалының көриниси болып есапланады. Олардың шаңарақтағы орны, билим алыў имканиятлары, саламат өсиўи, социаллық қоллап-қуўатланыўы жасы үлкенлердиң жуўапкершилиги есапланады. Баланың жаты болмайды. Олар ҳәр биримиздиң қайғырыўымызға, меҳир ҳәм ғамқорлық көрсетиўимизге мүтәж.
Мәмлекетимизде балалардың ҳуқықларын қорғаў принциплери, инклюзив ҳәм еркин билимлендириўге итибар, олар ушын жаратылып атырған физикалық, руўхый-ағартыўшылық орталық келешекте беккем тийкарға ийе, билимли, әдеп-икрамлы ҳәм жуўапкершиликли әўладты қәлиплестириўге хызмет етиўи менен мақтаўға ылайық.
2021-жылы Президентимиздиң басламасы менен шөлкемлестирилген Балаларды қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фонды балалардың ҳуқықларын тәмийинлеў ҳәм социаллық қорғаўды беккемлеўде әҳмийетли структураға айланды. Фонд Олий Мажлис палаталары ҳәм Министрлер Кабинетиниң шөлкемлестириўинде жумыс баслаған болып, жәмийеттиң ең нәзик қатламы - ертеңги күнимиз даўамшыларының мәплерин тәмийинлеўге қаратылған кең көлемли жумысты әмелге асырып келмекте.
Қордың тийкарғы бағдарлары мүтәж ҳәм аўыр жағдайдағы балаларды анықлаў және мәнзилли социаллық ҳәм медициналық жәрдем көрсетиў, аўыр ҳәм орфан (кем ушырасатуғын) кеселликке шалынған балалардың жергиликли ҳәм сырт ел клиникаларында емлениўин шөлкемлестириў, кем тәмийинленген шаңарақлардың перзентлерин дәри-дәрмақ, протез-ортопедиялық қураллар менен тәмийинлеў және майыплығы болған балалар ушын инклюзив билимлендириў, реабилитациялаў ҳәм кәсипке бағдарлаў имканиятларын жаратыў сыяқлы бағдарларды өз ишине алады. Сондай-ақ, "Балаларға күлки", "Саламат жүрек", "Жақсылық мәнзили", "Шебер қоллар", "Келешекке қарай" сыяқлы социаллық жойбарларды әмелге асырыў да фондтың ўазыйпалары қатарына киреди.
2022-2024-жылларда қыйын шараятқа түскен, финанслық жетиспеўшилиги болған шаңарақлардың наўқас, майыплығы болған балаларына медициналық ҳәм социаллық жәрдем көрсетиў бойынша жәми 10 мың 357 мүрәжат келип түскен. Соннан 7639 балаға тереңлестирилген медициналық-диагностикалық тексериўлер өткерилди. 1070 адамда медициналық акциялар даўамында операция әмелиятлары орынланды. 90ы болса сырт ел клиникаларында операция исленип, саўалландырылды. 220 балаға социаллық жағдайынан келип шығып түрли жәрдемлер көрсетилди. 1305 жастың билим алыўы ушын зәрүр әдебиятлар, техникалық әсбап-үскенелер, оқыў қураллары сатып алынды. 33 бала болса кәсип-өнерге оқытылып, өзин-өзи бәнт етиўи ушын зәрүр әсбап-үскенелер алып берилди.
Балаларды қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фонды Қәўендерлик кеңеси тәрепинен өткерилген мәжилислерде 231 мәселе додалаў ушын киргизилген. Усы дәўирде бир қатар жергиликли ҳәм сырт ел абырайлы клиникалары менен бирге ислесиў меморандумларына қол қойылды ҳәм аўыр диагнозлы 110 наўқас бала (илик алмасыўы, ағзалар трансплантациясы, өзек клеткалары менен емлеў ҳәм басқалар) емлениў ушын абырайлы сырт ел клиникаларына жиберилди. Буннан тысқары, аўыр диагнозлы 140 наўқас бала фонд тәрепинен алып келинген сырт елли қәнигелердиң жәрдеминде елимизде хирургиялық әмелият өткерди. Егер санай берсек, әмелге асырылған жумыслардың дизимин узақ даўам еттириў мүмкин.
Жумысымызда ҳәр бир баланың талабына сай, мәнзилли ҳәм турақлы жәрдем көрсетиў дыққат орайында турады. Ол баланың физикалық ҳәм руўхый раўажланыўы, қәбилетин жүзеге шығарыўы ушын зәрүр имканиятлар жаратыўға қаратылған. Олар өз заманласлары қатарында билим алыўы, дөретиўшилик пенен шуғылланыўы, турмыста өз орнын табыўы керек. Бул фондтың ҳәр бир жойбарында өз көринисин табыўы шәрт етип қойылған.
Фонд тек ғана материаллық жәрдем көрсетип қоймастан, ал адамгершилик, мийрим-шәпәәт ҳәм кеңпейилликти үгит-нәсиятлайтуғын көпир ўазыйпасын да атқарады.
1-июнь күни биз, үлкенлерди балалар ушын саламат орталық жаратыў, ҳуқықларын қорғаў, билимлендириў ҳәм денсаўлығына байланыслы машқалаларды шешиўде бирге ислесиўге шақырыўы мақсетке муўапық ҳәм зәрүр де болып есапланады.
Балаларды қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фондының жумысына қосылыў, қайырлы иске үлес қосыў барлық пуқаралар ушын ашық. Исбилерменлер, ири компаниялар, жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик емес шөлкемлер қордың рәсмий веб-сайты - bolalarfondi.uz арқалы онлайн қайырқомлық әмелге асырыўы, жойбарларда қатнасыўы, бирге ислесиў усынысларын жибериўи мүмкин. Балалардың күлип турған жүзи, саламат ҳәм бахытлы өмир сүриўи болса бул саўаплы әмеллердиң сыйлығы болады. Биргеликте жақсылықты үгит-нәсиятлайық, басқаларды да өзимиздиң қатарымызға қосайық. Себеби балалардың келешеги миллетимиздиң келешеги.
Марат СОДИҚОВ,
Балаларды қоллап-қуўатлаў фонды
атқарыўшы директоры