Атап өтилиўинше, төмендеги аймақларда сел-суў тасқынлары жүзеге келиўи мүмкин:
Қашқадәрья ўәлаяты - Яккабоғ, Деҳқонобод, Чироқчи, Китоб, Шаҳрисабз, Қамаши, Ғузор районларында;
Сурхандәрья ўәлаяты - Сариосиё, Узун, Олтинсой, Денов, Байсун, Шерабад, Шўрчи, Қумқорған, Музробот районларында;
Самарқанд ўәлаяты - Ургут, Самарқанд, Булунғур, Нурабад, Қўшработ, Каттақўрғон, Паяриқ, Жомбой, Иштихон районларында;
Наўайы ўәлаяты - Хатирчи, Навбаҳор, Нурота, Конимех, Кармана районларында;
Жиззақ ўәлаяты - Замин, Бахмал, Ғаллаорол, Шароф Рашидов, Фориш, Янгиобод районларында;
Ташкент ўәлаяты - Оҳангарон, Бостанлық, Паркент, Пискент, Орта Шыршық, Жоқары Шыршық районларында ҳәм Ангрен, Алмалық қалаларында;
Наманган ўәлаяты - Поп, Косонсой, Чортоқ, Чуст, Наманган, Янгиқорған районларында;
Ферғана ўәлаяты - Сох, Шоҳимардон, Ферғана, Бешариқ районларында;
Әндижан ўәлаяты - Әндижан, Асака, Жалақудуқ, Қўрғонтепа, Пахтаабад, Избоскан, Хожаабад, Марҳамат районларында ҳәм Ханабад қаласында.
"Таў алды ҳәм таўлы аймақларда жасаўшы пуқаралар, дем алыўшылар ҳәм таўлы аймақларда ҳәрекетлениўши айдаўшылардан абайлылық илажларын көриўлерин сораймыз. Республика аймағы бойынша жаўын суўлары топланыўы итималы бар, бул болса аймақларды суў басыўына алып келиўи мүмкин", - делинеди хабарда.