Беруний районы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлимине қарасы 71 улыўма билимлендириў мектебинде 2 кейтеринг шөлкеми тәрепинен 1-класстан 4-классқа шекемги оқыўшыларға кейтеринг усылында сапалы аўқатлар жеткерилип берилмекте.

Районлық Санитария-эпидемиялогиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы бөлими тәрепинен Азық-аўқат өнимлери мектеп комиссия ағзалары тәрепинен сертификатлары, жарамлылық мүддетлери, тағамнамаға сәйкеслиги ҳәм сапасына қарап қабыл етилиўи бойынша ҳәр айда қадағалаў тексериўлери өткерилип келинбекте.

– Жаратылған бундай мүмкиншиликлерден халық қуўанышлы ҳәм разы,дейди Беруний районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети бөлиминиң баслығы Айнура Уразова.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.