баннер
21 Mar 2025
14:25

    Киши бизнести қоллап-қуўатлаў буннан кейин де мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларынан бири болып қалады - Президент

    Киши ҳәм орта исбилерменлердиң саны бес жылда 2 есеге көбейди. Оларда 10,5 миллион адам дәрамат таўып, шаңарағын бақпақта.

    Елимизде киши ҳәм орта бизнес жумыс орны, инвестиция, инновация, бәсеки, қосымша қун ҳәм экспортты көбейтиўге ең үлкен түртки берип атырған бағдарға айланды.

    Ушырасыўда атап өтилгениндей, жаратылған шараятлар есабынан киши ҳәм орта исбилерменлердиң саны бес жылда 2 есеге көбейди. Оларда 10,5 миллион адам дәрамат таўып, шаңарақ бақпақта.

    Экономиканың ярымынан көби, санаат ҳәм экспорттың үштен бир бөлеги усы тараў ўәкиллериниң үлесине туўра келмекте.

    "Бир ҳақыйқатты жақсы түсинип алыў керек. Ҳәр қандай табыслы ири бизнеске ерисиў, бәринен бурын, киши идея ҳәм ҳәрекеттен басланады.

    Өзгерислерге тез бейимлесетуғын, жаңалық ҳәм бәсекиден қорықпайтуғын, әҳмийетлиси, адамларды жумыслы етип, дәраматын көбейтиўде ең белсенди тараў да бул - киши бизнес.

    Сонлықтан, киши бизнести қоллап-қуўатлаў буннан кейин де мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларынан бири болып қалады", - деди Президент.

    No date selected
    March 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech