Ҳүкимет Корея Мийнет партиясының IХ қурылтайына таярлық көрмекте, деп жазады AFP.

Арқа Корея жетекшиси Ким Чен Ын мәмлекеттиң 20 аймағында жаңа жойбарларды иске қосып, КХДРды "өзгертиўге" ўәде берди. Бул ҳаққында 30-январь, жума күни МТАК мәмлекетлик агентлиги (KCNA) мәлим етти.

Оның атап өтиўинше, гәп медицина мәкемелери, кеўилашар комплекслер ҳәм санаат кәрханаларының қурылысы ҳаққында бармақта. Өзгерислер мәмлекеттиң үштен бир бөлегинен көбирек аймағында әмелге асырылыўы ўәде етилди, деп анықластырды AFP агентлиги.

Ким КХДРдың қубла-батысындағы Хванхэ-Намдо провинциясында қурылыс жойбарына старт берди. "Пүткил мәмлекет бойынша қала ҳәм округлердиң дерлик үштен бир бөлеги өзгертиледи", деп атап өтти Арқа Корея жетекшиси.

Мәмлекетлик ғалаба хабар қураллары тәрепинен жәрияланған сүўретлерде сиясатшы басқа рәсмийлер менен бирге жер қазып атырған, оның жанында қуўанышқа толы халық қол шаппатлап, арқа кореялы байрақларды желбиреп атырған, деп жазады dw.com.