Мәмлекетимиз экономикасы жедел раўажланып атырғаны, соңғы жыллары санаат тармақларында 3 мың жаңа түрдеги өнимлер ислеп шығарылғаны атап өтилди.

Буннан 9-10 жыл бурын да мәмлекетимиздиң химия санааты тийкарынан минерал төгинлер ислеп шығарыў менен байланыслы еди. Кейинги жыллары тараўға 8,3 миллиард доллар инвестиция тартылып, 87 ири өндирис қуўатлылығы иске қосылған.

ПВХ, "жасыл" водород, көбикленген полипропилен, БОПП плёнка сыяқлы 60 тан аслам түрдеги жоқары қосымша қунлы жаңа өнимлерди ислеп шығарыў өзлестирилди. Бул арқалы экономиканың түрли тармақларында мыңлаған жаңа түрдеги өнимлерди ислеп шығарыў ушын зәрүр шийки зат базасы жаратылды.

Нәтийжеде тармақтың экспорты 3 есеге көбейип, жумысшылардың саны 50 мыңнан асты.

Соның менен бирге, тараўда еле иске қосылмаған үлкен потенциал сақланып қалып атырғаны атап өтилди. Кейинги тоғыз жылда республика санааты орташа 6,3 процентке өскен болса, химия санаатында бул көрсеткиш 3 процентке де жетпеген. Химия өнимлериниң импорты 4 есеге көбейип, жылына 4,5 миллиард долларға жеткен.

"Өзхимиясанаат" акционерлик жәмийети өз қурамындағы ири кәрханалар менен байланысып қалғаны, тараўдағы 5 мыңнан аслам кәрхана менен системалы жумыс алып барылмай атырғаны, олардың машқала ҳәм усыныслары үйренилмей атырғаны көрсетип өтилди.

Мәжилисте өндирис структурасын өзгертиў, қосымша қунды арттырыў ҳәм энергия жумсалыўын азайтыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Елимизде жылына 1,5 миллион тонна аммиаклы селитра ислеп шығарылып, оған 1,07 миллиард куб метр газ жумсалады. Бунда алдынғы мәмлекетлер селитрадан пайдаланыўды қысқартып, аўыл хожалығында карбамид ҳәм суўда ерийтуғын төгинлерден, таў-кән санаатында болса геўекли селитрадан пайдаланыўға өтпекте.

Өзине түсер баҳасы аммиаклы селитра менен бирдей болған геўекли селитра ислеп шығарылғанда қосымша қун еки есеге артатуғыны атап өтилди. Жуўапкерлер ҳәм химия кәрханаларының басшылары бундай жойбарларды көбейтиўди терең ойлаўы керек екенлиги атап өтилди.

Сондай-ақ, "Наўайыазот"та таярланып атырған цианлы дузлардың тоннасы 3,7 мың доллардан желим таярланса, өнимниң өзине түсер баҳасы 8 мың долларға шекем артыўы мүмкин екени атап өтилди. Жуўапкерлерге "Наўайыазот" жанындағы кластер аймағында улыўма баҳасы 1 миллиард долларлық 10 киши тоннажлы химия жойбарын баслаў бойынша тапсырма берилди.

Геологиялық резервлерди толық иске қосыў есабынан да қосымша қунды бир неше есеге арттырыў мүмкин екенлиги атап өтилди.

Қарақалпақстан, Сурхандәрья, Қашқадәрья ҳәм Наўайы ўәлаятларында 550 миллион тонна натрий ҳәм кальий, 20 миллион тонна бентонит резервлери бар. Бул шийки зат терең қайта исленип, каустикалық сода ислеп шығарылса, қосымша қун 3 есеге артыўы мүмкин.

Жиззақ ўәлаяты бойынша анықланған серпентинит резерви 1,5 миллион тонна, Қарақалпақстан бойынша анықланған серпентинит резерви 500 мың тонна. Оны сульфат кислотадан пайдаланып қайта ислегенде тоннасы 5 мың долларға шекемги баҳадағы магний оксидин алыў мүмкин. Серпентинитти терең қайта ислеў арқалы электротехника санааты ушын әҳмийетли шийки зат болған никель, хром ҳәм кобальт алыў имканияты жаратылады.

Жуўапкерлерге химия санааты ушын зәрүр болған шийки зат, соның ишинде, фосфорит, галит, мирабилит ҳәм серпентинит резервлерин 2 есеге арттырыў бойынша үш жыллық бағдарлама ислеп шығып, оны әмелге асырыўға кирисиў ўазыйпасы қойылды. Серпентинитти қайта ислеў тараўында кеминде 200 миллион долларлық жойбарларды иске қосыў ўазыйпасы қойылды.

Мәмлекетимизге жылына 300 миллион долларлық турмыслық химия өнимлери импорт етилмекте. Ўәлаятта бул өнимлердиң базар көлеми 2 миллиард долларды қурайды.

Мысал ушын, "Ангрен" еркин экономикалық зонасында исбилермен дүньяға белгили «Henkel» компаниясы менен бирге ислесиўди жолға қойды. Ҳәзирги ўақытта кәрхана усы концерн тәрепинен сатып алынған. Жергиликли өнимлерди Дослық Аўқамы мәмлекетлерине жеткерип бериў режелестирилген.

Бундай жойбарларды кеңейтиў мақсетинде пайтахтымыздағы санаат зоналарынан биринде турмыслық химия тараўындағы басламаларды әмелге асырыў ушын майданлар ажыратылады. Оған 50 миллион доллар қаратылып, иске қосылған кәрханаларды бренд пенен бирге, таяр дәраматлы бизнес сыпатында жеке меншик секторға сатыў шәрти қойылады.

Басқа аймақлардағы усындай жойбарлар ушын Санаат кооперациясы қорынан 15 миллион доллар ажыратылады. Улыўма, жуўапкерлерге турмыслық химия тараўында кеминде 100 түрдеги жаңа өнимлерди иске қосыў бойынша бағдарлама ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды.

Мәжилисте минерал төгинлер базарының имканиятлары да талланды.

Дүньяда минерал төгинлерге болған талап жылына 5 процентке артып бармақта ҳәм 2030-жылға барып 260 миллиард доллардан артыўы күтилмекте. Жаңа агротехнологияларды енгизиў тийкарында, әсиресе, суўда ерийтуғын төгинлерге талап кескин артпақта.

Жуўапкерлер ҳәм ҳәкимлерге келеси үш жылда улыўма баҳасы 2 миллиард 800 миллион долларлық 42 жойбарды әмелге асырыў ўазыйпасы қойылды. Соның есабынан 2030-жылға шекем азотлы төгинлер ислеп шығарыў көлемин 2,8 миллион тоннадан 4 миллион тоннаға, фосфорлы төгинлерди 400 мың тоннадан 900 мың тоннаға, суўда ерийтуғын төгинлерди 100 мың тоннадан 400 мың тоннаға жеткериў режелестирилген.

Суўда ерийтуғын төгинлер, полимерлер, турмыслық ҳәм анорганикалық химия тараўларында ири жойбарлардың әмелге асырылыўы нанохимия, "жасыл" химия, супрамолекуляр химия, жасалма интеллект тийкарында химиялық модельлестириў сыяқлы заманагөй бағдарларда қәнигелерге болған талаптың артыўына алып келетуғыны атап өтилди.

Соның ушын химия санаатында билимлендириў, илимий изертлеўлер, лабораториялар ҳәм стартапларды қамтып алған бир пүтин система жаратыўға қарар етилди.

Оның ушын Мырза Улығбек районында 60 гектар майданда химия санааты ушын инновациялық илимий-өндирислик ҳәм билимлендириў кластери шөлкемлестириледи. Бул кластерде Қубла Корея менен биргеликте Химиялық технологиялар инновация орайы қурылады. Орайда тәжирийбе-сынақ жумыслары менен байланыслы қәрежетлердиң ярымы қаплап бериледи.

Улыўма, химия санаатында 17 миллиард долларлық 350 ден аслам жойбарды иске қосыў бойынша бағдарлама ислеп шығып, әмелге асырыўға кирисиў ўазыйпасы қойылды.

Мәмлекетимиз басшысы бул үлкен мақсетлерге ерисиў ушын тараўды илимий тийкарланған заманагөй көзқараслар тийкарында басқарыў зәрүр екенлигин атап өтти. Сол себепли жуўапкерлерге "Өзхимиясанаат" акционерлик жәмийетин трансформациялаў бойынша тапсырмалар берилди.

Мәжилисте жуўапкерлер ҳәм ҳәкимлердиң есабаты тыңланды, тармақ кәрханаларының басшылары менен сөйлесиў болды.