Сизлерди әсирлер даўамында түрли халықлар, мәденият ҳәм цивилизациялар арасындағы қарым-қатнас орайларынан бири болып киятырған әййемги Самарқанд қаласында Азия конституциялық судлары ҳәм оларға теңлестирилген институтлар ассоциациясының VII конгрессиниң ашылыўы менен қызғын қутлықлайман.

Әййемги Уллы жипек жолының кесилиспесинде жайласқан, бүгин де тынышлық, өз-ара исеним ҳәм бирге ислесиў ели сыпатындағы тарийхый миссиясын мүнәсип орынлап атырған бул уллы жерде конституциялық әдил судлаў уйымларының ўәкиллери бир орынға жыйналғаны, әлбетте, әҳмийетли тарийхый ўақыя болып есапланады.

Конституцияның тийкарғы орны, инсан ҳуқықлары, судьялардың еркинлиги және санлы трансформация дәўиринде әдилликти тәмийинлеў мәселелерине бағышланған абырайлы әнжуманның елимизде өткерилип атырғаны Жаңа Өзбекстанға, суд-ҳуқық тараўындағы реформаларымызға жоқары ҳүрмет ҳәм итибардың көриниси болып есапланады.

Қәдирли дослар!

Бүгинги күнде инсаният үлкен имканиятлар менен бирге көплеген сынақларға да дус келмекте. Ҳәр қыйлы қарама-қарсылықлар, климат өзгериўи, социаллық теңсизлик, азық-аўқат ҳәм энергетика қәўипсизлиги, нызамсыз миграция ҳәм кибержынаятшылық сыяқлы машқалалар халықаралық ҳуқық принциплери ҳәм мәмлекетлер арасындағы исенимди қатаң сынақтан өткермекте.

Бундай қыйын жағдайда Конституцияның үстинлиги тек ғана ишки ҳуқықый мәселе емес, ал мәмлекетлик суверенитет, жәмийет турақлылығы ҳәм улыўма раўажланыўдың шешиўши шәрти сыпатында көринбекте.

Биз Жаңа Өзбекстанды қурыў жолындағы барлық реформаларымыз орайына инсанның қәдир-қымбаты, ҳуқықы ҳәм нызамлы мәплерин қоймақтамыз. "Инсан қәдири ушын" деген ийгиликли идея мәмлекетлик уйымлардың жумысы ҳәм нызамларымыздың мәнис-мазмунын баҳалайтуғын тийкарғы нормаға айланбақта. Мәмлекетлик уйымлар халыққа хызмет етиўи, ҳәр бир пуқараның машқаласына өз ўақтында нәтийжели шешим табыўы ушын системалы механизмлерди иске қосып атырмыз.

Жаңаланған Конституциямызда Өзбекстанның суверен, демократиялық, ҳуқықый, социаллық ҳәм дүньялық мәмлекет екени қатаң белгилеп қойылды. Нызамшылықтағы қарама-қарсылықлар ҳәм анықсызлықларды инсан пайдасына талқылаў, ҳуқықый тәсир илажларының тең салмақлылығы конституциялық қағыйда дәрежесине көтерилди.

Биз Конституцияны тек ғана мәмлекетлик дүзилис ҳәм ҳәкимият ўәкилликлерин белгилейтуғын жоқары юридикалық ҳүжжет емес, ал халқымыздың еркин ҳәм абадан турмысқа болған ерк-ықрарын билдиретуғын социаллық концептуаллық комплекс деп билемиз.

Конституцияны турмысымыздың шын мәнисиндеги тийкарғы нызамына айландырыўда конституциялық қадағалаў уйымларының орны шексиз.

Конституциялық әдил судлаў системасы нызамлардың Конституцияға муўапықлығын тексериў арқалы инсан мәплерин қорғайды, мәмлекетлик ҳәкимияттың конституциялық нормалар шеңберинде ҳәрекет етиўин тәмийинлейди ҳәм жәмийеттиң әдилликке болған жоқары исенимин беккемлейди.

Судялардың еркинлиги болса ҳәр бир инсанның әдил судлаўға болған ҳуқықын тәмийинлейтуғын әҳмийетли конституциялық кепиллик болып, судьяның Конституция ҳәм нызамлар тийкарында қарар қабыл етиўине ерисиў реформаларымыздың тийкарғы мазмуны болып есапланады.

Ҳүрметли әнжуман қатнасыўшылары!

Бизге белгили, Азия - бай мәмлекетшилик дәстүрлери, ҳәр қыйлы ҳуқықый мектеплер, мәденият ҳәм раўажланыў модельлери үйлескен үлкен регион болып есапланады.

Мәмлекетлеримиздиң Конституциялары ҳәм суд әмелиятлары ҳәр қыйлы болса да, ҳәммемизди инсан қәдири, әдиллик, судьялардың еркинлиги ҳәм нызам үстинлиги сыяқлы улыўма қәдириятлар бирлестирип турады.

Биз бул Ассоциацияға басшылығымыз даўамында Азияда ҳуқықый сөйлесиўди жаңа басқышқа көтериў, әмелий бирге ислесиў орталығын және де кеңейтиў, жаңа баслама ҳәм идеяларды ислеп шығыў, барлық ағза мәмлекетлерге пайда келтиретуғын тәсиршең механизмлерди енгизиўге ҳәрекет етип атырмыз.

Конгресс жуўмағында қабыл етилетуғын Самарқанд декларациясы санлы дәўирде конституциялық әдил судлаў системасының ҳәр тәреплеме раўажланыўына, әдил жәмийет қурыўға қаратылған улыўма көзқарасларымызды беккемлеўге, кең көлемли ҳәрекетлер бағдарламасын ислеп шығыўға хызмет ететуғынына исенемен.

Улыўма мақсетимиз - бүгинги заман талабы болған жасалма интеллект ҳәм заманагөй технологияларды инсан мәплерине ҳәм нызам үстинлигин тәмийинлеўге бағдарлаў, ҳәр бир шахстың ҳуқықлары менен еркинликлерин исенимли қорғайтуғын қуралға айландырыўдан ибарат.

Пурсаттан пайдаланып, бул абырайлы халықаралық конференцияны шөлкемлестириўге мүнәсип үлес қосқан барлық шериклеримизге, регионаллық шөлкемлердиң ўәкиллерине ҳәм ағза мәмлекетлердиң делегацияларына шын жүректен миннетдаршылық билдиремен.

Сизлерди және бир мәрте шын жүректен қутлықлап, оғада жуўапкершиликли ҳәм мақтанышлы жумысыңызда әўмет ҳәм табыслар, Конгресс жумысына болса үлкен табыслар тилеймен.


Шавкат Мирзиёев,

Өзбекстан Республикасы Президенти