Елимизде сийрек ушырасатуғын жүрек операциялары, инсан денеси ағзаларын көширип өткериў сыяқлы қурамалы хирургиялық әмелиятлар жолға қойылғаны ҳәм қәўипли кеселликлердиң диагностикасы жақсыланғаны себепли сапалы қан компонентлерине талап және де артты. Сонлықтан, бийғәрез донорлық ҳәрекетин раўажландырыў, халық арасында кеңнен үгит-нәсиятлаў, қан қуйыў станцияларының материаллық-техникалық базасын беккемлеўге айрықша итибар қаратылмақта. Соның ишинде, "Донорлық ҳәрекетин қоллап-қуўатлаў системасының жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында"ғы нызамға муўапық бир қатар жаңалықлар киргизилди. Оған бола, "Өзбекстан Республикасы ҳүрметли доноры" көкирек белгиси менен сыйлықланған шахсларға берилетуғын бир мәртелик ақшалай сыйлық муғдары арттырылып, базалық есаплаў муғдарының (БЕМ) 15 есеси етип белгиленди. Алдын бул сан БЕМниң 5 есеси муғдарында еди.
Сондай-ақ, бул көкирек белгиси менен сыйлықланғанлар өзи ушын қолайлы ўақытта ҳәр жылғы мийнет дем алысына шығыўы мүмкин. Қала жолаўшы транспортынан (жөнелисли ҳәм жөнелиссиз таксилерден тысқары) бийпул пайдаланады. Санаторий-курортларда емлениў ушын болса жолламаны гезексиз алыў ҳуқықына ийе.
Денсаўлықты сақлаў министрлиги баспасөз хызметинен алынған мағлыўматқа бола, ҳәзирги ўақытта мәмлекетимизде Республикалық қан қуйыў орайы, Ташкент қаласы "Қан препаратлары" ИИЧК, 13 аймақлық ҳәм 2 республикалық қарамағындағы қан қуйыў станциясы және емлеў мәкемелериниң 11 қан қуйыў бөлиминде қан ҳәм оның қурамлық бөлеклери жыйналмақта. Мақсет - емлеў мәкемелерин керекли донорлық қан препаратлары ҳәм компонентлери менен тәмийинлеў.
ЖДСШның усынысына бола, халықты қан компонентлери менен тәмийинлеў ушын қан тапсырыў саны 1000 адамға кеминде 10 адам ямаса халықтың 1 процентине туўра келиўи керек. Елимизде бул көрсеткиш 2024-жылы 1000 адамға 9 ды қурады. Нәтийжеде өткен жылы 80 мың 79,26 литр эрмасса, 79 мың 16,04 литр плазма, 3226,01 литр тромбоконцентрат ҳәм 5312 доза криопреципитат жыйналды. Усы жылдың өткен бес айында болса 65 мың 806,58 литр донор қаны жыйналды.
Әлбетте, бул көрсеткишти және де арттырыў мүмкин. Усы мақсетте Республикалық қан қуйыў орайының аймақлардағы қан менен ислесиў хызмети мәкемелерине мәмлекетимиз тәрепинен 13 көшпели донорлық комплекси - арнаўлы үскенеленген “Isuzu” автобуслары берилди.
Буннан тысқары, бурын донор болыў ушын тийисли шөлкемлерден оғада көп мағлыўматнама талап етилетуғын еди. Ҳәзир болса бундай шеклеў жоқ. Донордан тек ғана шахсын тастыйықлаўшы ҳүжжет - паспорт ямаса идентификация ID картасы ямаса жаңа үлгидеги миллий айдаўшылық гүўалығы, әскерий хызметкерлер болса әскерий есап ҳүжжетлери (әскерий гүўалық ямаса офицердиң жеке гүўалығы) ғана талап етиледи. Кәрхана ҳәм шөлкемлер, шөлкемлескен жәмәәтлерден мүрәжатлар бойынша қан хызмети мәкемелериниң арнаўлы мобил бригадасы донорлар мәнзилине барып, олардан қан алып келиўи де мүмкин.
Елимизде 18 ден 60 жасқа шекемги, салмағы 50 килограммнан жоқары, гемоглобин муғдары еркеклерде 128, ҳаял-қызларда 120 болған ҳәр бир шахс донор болыўы мүмкин. Жылына ҳәр бир шахс 4 рет қан тапсырыўы мүмкин. Ҳәр бир тапсырылған қанның максимал муғдары 450 миллилитр.
Рисолат МАДИЕВА,
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы