Китапсүйерлерге аўқам саўғасы

    29 қараша 2024 15

    Өзбекстан Журналистлер аўқамы ҳәм аўқамның Қарақалпақстан бөлими тәрепинен Нөкис қаласындағы Президент мектебинде «Китапсүйер миллет» сүрени астында «Китапқумар балалар» ҳәм «Дүнья данышпанлары» рубрикасында басып шығарылған он түрдеги жәҳән ҳәм өзбек әдебиятының үлгилери, халық ертеклери жәмленген китаплардың гезектеги презентациясы өткерилди.

    Илажда Қарақалпақстан Республикасы мәлимлеме-китапхана орайы, Қарақалпақстандағы қала-район мәлимлеме-китапхана орайлары, Республикалық Балалар китапханасы, Ибрайым Юсупов атындағы дөретиўшилик мектеби, аймақлық қәнигелестирилген мектеплердиң китапхана-ресурс орайларының басшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ҳәм оқыўшылар қатнасты.

    Илажда Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлигиниң бас директоры, сенатор Абдусаид Кўчимов, «Жаңа Өзбекстан» – «Правда востока» газеталарының бас редакторы СалимДониёров, Өзбекстан Журналистлер аўқамының баслығы ўазыйпасын атқарыўшы Холмурод Салимов шығып сөйлеп, елбасшымыз тәрепинен илгери сүрилген 5 әҳмийетли басламаның төртиншиси – жаслар мәнаўиятын раўажландырыў, оларда китапқумарлықты кеңнен үгит-нәсиятлаў Ўатанымызда Үшинши Ренессанс тийкарын қурыўдың әҳмийетли шәртлеринен екени ҳаққында айтады.

    Илаж соңында Қарақалпақстан Республикасындағы мәлимлеме-китапхана орайлары, Президент, дөретиўшилик ҳәм қәнигелестирилген мектеплерге 10 атамадағы 730 китап саўға етилди.

    Д.Абибуллаев, М.Ҳабибуллаев (сүўрет),

    Қарақалпақстан хабар агентлиги