Қытай изертлеўшилери роботларды үйретиўдиң жаңа усылын усынды, оның нәтийжесинде гуманоид теннис ойынын өзлестире алды. New Atlasтың жазыўынша, қолланба машиналарды оқытыў ҳәм әмелий жасалма интеллект тараўындағы жаңалық болыўы мүмкин.
Көп санлы камералар ҳәм анық мағлыўматларды талап ететуғын ҳәрекетлерди анализлеўдиң қурамалы системалары орнына илимпазлар LATENT атлы усылды жаратты. Ол ҳәтте толық емес мағлыўматлар менен де ислейди, тек ғана техниканың тийкарғы элементлери - оң ҳәм шеп тәрептен соққы бериў, майданда ҳәрекетлениў сыяқлыларға итибар қаратады.
Оқытыў ушын спортшылардың ҳәрекетлерин жазып алыўдан тек бес саат пайдаланылды. Олар тийкарында тийкарғы "моторлық көнликпелер" топламы қәлиплестирилди ҳәм кейин ала Unitree G1 гуманоид роботына жүкленди.
Буннан кейин робот ҳәрекетлерди ҳақыйқый шараятқа бейимлестириўди: топ траекториясын анықлаўды, соққы бериў моментин сайлап алыўды, ракетканың жағдайын дурыслаўды өз бетинше үйренди. Шынығыўлардың тийкарғы бөлеги симуляцияда өткерилди ҳәм бул процессти бираз жеделлестирди.
Нәтийжеде робот әжайып нәтийжелиликти көрсетти: оң тәрептен 90 процентке жақын, шеп тәрептен дерлик 80 процентке жақын нәтийжели соққы берди. Бунда оның ҳәрекетлери тәбийий ҳәм тегис көринеди, адамның ойнына жақынласады.
Роботтың адамлар менен өтетуғын ойынларға еле таяр емес екенине қарамастан, изертлеўшилер жетискенлик алға қойылған әҳмийетли қәдем, деп есапламақта. Технология тек ғана спортта емес, ал қыйын ҳәм жедел шараятларға тез бейимлесиў талап етилетуғын әмелий тараўларда да өз орнын табыўы мүмкин, деп жазбақта korrespondent.net.
Буннан тысқары, LATENT программалық тәмийнаты әллеқашан ашық түрде жәрияланған болып, бул басқа ислеп шығыўшыларға усы технологиядан пайдаланыў ҳәм жетилистириў имканиятын береди.