Өзбекстан Республикасы Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет
саламатлығы комитети мәлимлеме хызмети тәрепинен усыныс етилген шаншыў кестеси
тийкарында балаларды шаншыў төмендеги мүддетлерде әмелге асырылады:
өмириниң биринши 24 саатында - ВГВ-1: вирусли гепатит Б ға қарсы шаншыў;
өмириниң 2-5-күнлери - БЦЖ-1: туберкулёзге қарсы шаншыў;
2 айда - ОПВ-1, Рота-1, Пневмо-1 ҳәм Пента-1. Олар полиомиелит, ротавирус
ҳәм пневмококк инфекцияларынан, дифтерия, көк жөтел, столбняк, гепатит Б ҳәм де
гемофил таяқшасының б типинен келип шығатуғын инфекциядан қорғайды.
3 айда - ОПВ-2, Рота-2, Пневмо-2 ҳәм Пента-2 - тийисли вакциналардың
гезектеги дозалары;
4 айда - ОПВ-3,
рота-3, пента-3 ҳәм ИПВ-1. ОПВ ҳәм ИПВ полиомиелит профилактикасы ушын
қолланылады;
9 айда - ППВ-2:
полиомиелитке қарсы вакцинаның гезектеги дозасы;
12 айда - КПК-1
ҳәм Пневмо-3: қызылша, эпидемиялық паротит (свинка), қызылша ҳәм пневмококк
инфекциясына қарсы шаншыў;
16 айлығында
АКДС-4 ҳәм ОПВ-4: дифтерия, көк жөтел, столбняк ҳәм полиомиелитке қарсы;
6 жаста - КПК-2:
қызылша, эпидемиялық паротит ҳәм қызылшаға қарсы;
7 жаста АДЦ-М-5
ҳәм ОПВ-5: дифтерия, столбняк ҳәм полиомиелитке қарсы;
9 жаста - ҲПВ:
адам папиллома вирусына қарсы вакцинация;
16 жаста АДЦ-М-6:
дифтерия ҳәм столбняк кеселликлерине қарсы.
Әҳмийетли тәрепи:
2, 3 ҳәм 4 айлық балаларда жиберилетуғын пента - дифтерия, көк жөтел, столбняк,
В вируслы гепатит ҳәм ХИБ инфекциясына қарсы компонентлерди өз ишине алған
комбинацияланған вакцина болып есапланады.
ОПВ ҳәм ротавирус
инфекциясына қарсы вакцина аўыз арқалы, қалған вакциналар қоллаў көрсетпесине
муўапық инекция усылында жибериледи. Анық доза ҳәм жибериў орны медицина
хызметкери тәрепинен белгиленеди.
Мәмлекеттеги эпидемиологиялық
жағдайды есапқа алған ҳалда Миллий календарьға қосымша өзгерислер ҳәм
қосымшалар киргизилиўи мүмкин. Атап айтқанда, ҳәзирги ўақытта қызылшаға қарсы
емлеў 6 айлық балаларда да әмелге асырылмақта.