Бул район мәмлекетимиз басшысының басламасы менен халыққа қолайлықлар жаратыў, урбанизация процесслерин тәртипке салыў мақсетинде үш жыл бурын шөлкемлестирилген еди. Соннан кейин аймақтың раўажланыўы жеделлесип кетти. Бүгин Еттитом жанында жаңа қала пайда болмақта.
Бәринен бурын, 120 километр суў, 210 километр электр тармағы қурылып, зәрүр инфраструктура жаратылды. Жоллар кеңейтилип, оңланды. Ҳәкимшилик имаратлар, 19 мектеп, 22 бақша, көп тармақлы емлеўхана ҳәм шаңарақлық поликлиника қурылды.
Итибарлы тәрепи, район ҳәкимлигиниң имараты мәмлекетимизде жаңа тәжирийбениң басланыўы болды. Бул жерде 38 мәмлекетлик уйым бир жерде жәмленген. Бул халыққа үлкен қолайлық жаратпақта. Алдынлары қандайда бир жумыс бойынша алыс аралықларды басып, Шырақшы районы уйымларына қатнайтуғын пуқаралар енди барлық хызметлерди өзине жақын жерден алмақта.
Президентимиз Көкдаладағы дөретиўшилик, бундай бир пүтин ҳәм тең салмақлы шараятлар барлық районлар ушын үлги екенин атап өтти.
Атап айтқанда, "Инсан" орайы да ҳәкимлик имаратында жайласқан. Бул жерде халық ушын социаллық хызметлер ҳәм жәрдемлер бир орында комплексли түрде усынылады. Оның программалық системасы 55 тийисли шөлкемлердиң мағлыўматлары менен интеграцияланған. Балалар, майыплығы болған инсанлар, кекселер ҳәм социаллық төлемлер системасы өз-ара байланысқан.
Мәмлекетимиз басшысы район орайындағы Еттитом киши санаат зонасында да болды.
Төрт гектар майданда тоқымашылық, азық-аўқат, қурылыс ҳәм хожалық буйымлары сыяқлы бағдарларда баҳасы 10 миллион долларлық тоғыз киши жойбар жайластырылған. Мәселен, “Komfort Star New” кәрханасында ысытыў қазанлары ҳәм басқа да темир өнимлер, “Komfort Industrial Aria”да фарфор буйымлар ислеп шығарылмақта. Улыўма, санаат зонасында 600 ден аслам турақлы жумыс орны ашылады.
Президентимиз жаңадан қурылған көркем өнер сарайын да барып көрди.
Бул жерде 255 орынлық тамаша етиў залы, көплеген дөгерек ханалары бар. Сарай заманагөй саз әсбаплары менен тәмийинленген, даўыс жазыў студиясы, даўыс күшейтиў үскенелери, жетик суўытыў ҳәм ысытыў системасы менен үскенеленген.
Итибарға ылайық тәрепи, райондағы көркем өнер мектеби, улыўма билим бериў мектеби ҳәм спорт комплекси оның менен жақын жайласқан. Мәмлекетимиз басшысы бул балаларға қолайлы болатуғынын атап өтип, келеси жойбарларда усыны қолланыў бойынша көрсетпелер берди.
Президентимиз жас атқарыўшылардың көркем шығыўларын да бақлады.
- Сизлерди көрип, Әмир Темур бабамыздың елинде талантлардың көп екенине және бир мәрте исеним пайда еттим. Ғайратлы болып, билим алыўда тоқтамасаңыз, Өзбекстанның уллылығының тийкары сизлер боласыз, - деди Шавкат Мирзиёев жасларға қарата.
Орайда, сондай-ақ, балалар майданшалары, жасыл аймақлар, саўда ҳәм сервис орайлары үйлесикли қурылмақта. Улыўма, 200 ден аслам объект қурылды. Бул дөретиўшилик ҳәм қолайлықлардан халық разы.
Аймақта және социаллық тараў объектлери, китапхана, спорт майданлары, мәденият орайларының қурылысы даўам етпекте.
Соның менен Президент Шавкат Мирзиёевтиң Қашқадәрьяға сапары жуўмақланды.