баннер
1 Apr 2025
03:25

    Президент Рамазан ҳайыты алдынан 488 қамақтағыларды, соның ишинде, 17 шет елликти кеширди

    Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Мүбәрек Рамазан ҳайытын белгилеў алдынан халқымызға тән жақсылық, кеңпейиллик, адамгершилик, мийрим-шәпәәт ҳәм кеширимли болыў сыяқлы уллы пазыйлетлердиң айқын көриниси сыпатында "Жаза мүддетин өтеп атырған, қылмысына шын кеўилден пушайман болған ҳәм дүзелиў жолына беккем өткен бир топар шахсларды әпиў етиў ҳаққында"ғы Пәрманға қол қойды.

    Пәрманға муўапық, Өзбекстан Республикасы Конституциясының 109-статьясы 23-бәнтине тийкарланып жаза мүддетин өтеп атырған және қылмысына шын кеўилден пушайман болған ҳәм дүзелиў жолына беккем өткен 488 шахс әпиў етилди.

    Әпиў етилгенлердиң 100 и тийкарғы жазадан толық азат етилди, 268 и жазаны өтеўден мүддетинен алдын шәртли азат етилди, 34 иниң еркинен айырыў жазасы жеңилирек жаза менен алмастырылды. Сондай-ақ, 86 шахсқа тайынланған еркинен айырыў жазасының мүддетлери қысқартылды.

    Әпиў етилгенлердиң 17 ин сырт ел пуқаралары, 37 ин ҳаял-қызлар, 37 ин 60 жастан асқан ер адамлар, 167 ин жаслар (соннан, 1 и жас өспирим) және 5 ин қадаған етилген шөлкемлердиң жумысында қатнасқан шахслар қурайды.

    Пәрманның орынланыўы бойынша әпиў етилген шахсларды шаңарағы ҳәм жақынларының қушағына қайтарыў, социаллық турмысқа бейимлесип, пайдалы мийнет пенен шуғылланыўы, саламат турмыс тәризин жолға қойып, жәмийетте мүнәсип орын табыўы ушын оларға жәрдем бериў бойынша жуўапкер министрликлер ҳәм уйымларға тийисли тапсырмалар берилди.


    No date selected
    March 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech