Кешеге Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутатлары, профессор-оқытыўшылар ҳәм студент-жаслар қатнасты.
Илажда Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Төрткүл районлық бөлими баслығы Ж.Сеттиев, «Қорақалпоғистон тонги» газетасының бас редакторы Н. Матяқубовалар шығып сөйлеп, жаңа редакциядағы Конституцияда халқымыздың әзелий мақсети есапланған – инсан ҳәм оның жасаў еркинлиги, абырайы жоқары қәдирият сыпатында көрсетилгенин, бул жаңа Өзбекстанды қурыў ушын беккем тийкар болатуғынлығын мақтаныш пенен атап өтти.
Кешеде студент-жаслар тәрепинен баянатшыларға Конституцияда белгиленген жаңа ҳуқық ҳәм еркинлер бойынша сораўлар берилип, оларға тийисли жуўаплар алды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.