Мәмлекетлик қабыллаў комиссиясының баянламасы менен 2024/2025-оқыў жылында
төмендеги жоқары билимлендириў мәкемелериниң бакалавриат ҳәм магистратура студентлери ушын базалық ҳәм дифференцияластырылған төлемли-контракттиң бир жыллық оқытыў баҳасының 50 проценти муғдарындағы төлемлерди әмелге асырыўдың ақырғы мүддети 2024-жыл 31-декабрь (соль күни де) етип белгиленди:
төлемли-контракт, соның ишинде, дифференцияласқан төлемли-контракт тийкарында студентликке усыныс етилген абитуриентлер (1-курслар);
оқыўы көширилген (көширип тикленген) ҳәм қайта тиклеген студентлер;
Қарақалпақстан Республикасында турақлы жасайтуғын ҳәм улыўма орта, орта арнаўлы ҳәм профессионал билимлендириў мәкемелерин питкерген жаслар ушын ажыратылған қосымша қабыллаў квоталарына талабанлыққа усыныс етилген абитуриентлер.
Еслетпе: бул 2024/2025-оқыў жылында қабыл етилген абитуриентлер ушын ғана әмел етеди. Әмелдеги тәртипке бола, екинши ҳәм оннан жоқары басқыш студентлериниң контрактын төлеў мүддети ЖОО басшысы тәрепинен создырылыўы мүмкин.