Онда республикамыз аймағында аўыл хожалығы техникаларын ислеп шығарыў бойынша бирге ислесиўди жолға қойыў, сондай-ақ, жергиликли қәнигелер ҳәм техникалық хызметкерлерди таярлаў бойынша сервис тармағын раўажландырыў мәселелерин додалады. Буннан соң «KIDL Co Ltd.» компаниясы менен өткерилген ушырасыўда компания ҳәм «SHAMCHIROK TORTKOL» жуўапкершилиги шекленген жәмийети арасында ыссыхана үскенелерин жеткерип бериў бойынша келисимге қол қойылды. Оған муўапық, «KIDL Co Ltd.» компаниясы тәрепинен 62 миллион АҚШ доллары муғдарындағы жойбар қаржыландырылыўы белгилеп алынды. Буннан соң, Жасыл климат фонды ўәкиллери менен ушырасыў болып өтти. Онда қоршаған орталықты қорғаў, тәбийғый ресурсларды турақлы басқарыў ҳәм экологиялық таза технологияларды енгизиўге грант қаржыларын тартыў мәселелери көрип шығылды.
Ушырасыўлардан кейин делегация Корея – Орайлық Азия регионлараралық бирге ислесиў бойынша биринши форумында қатнасты. Форум бағдарламасында саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиў, мәдений ҳәм илимий алмасыўлар, сондай-ақ, экология ҳәм турақлы раўажланыў тараўларындағы биргеликтеги басламалар сыяқлы жақын шерикликтиң әҳмийетли бағдарларына бағышланған тематикалық сессиялар өткерилди. Форум шеңберинде делегация GAROK ўәкиллери менен ушырасып, сойлесиўлер барысында аймақлараралық байланысларды беккемлеў бойынша анық илажлар додаланды. Еки тәреплеме сапарларды шөлкемлестириў, сондай-ақ, экономика, инновациялар, билимлендириў ҳәм экология тараўларында тәжирийбе алмасыў бойынша жаңа бағдарламаларды баслаў мәселелерине тоқтап өтилди. Форумда аймақлараралық сөйлесиўдиң әҳмийети атап өтилип, Корея ҳәм Қарақалпақстан Республикасы арасындағы өз-ара пайдалы бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў зәрүрлиги көрсетип өтилди.
Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары В.Жоллыбеков форумда қатнасыўшыларды Қарақалпақстан Республикасының инвестициялық потенциалы, жаратылған жеңилликлер ҳәм преференциялар менен таныстырды. Ушырасыў даўамында Корея Республикасы исбилермен топарларының ўәкиллери менен сөйлесиўлер шөлкемлестирилди. Бул ушырасыўларда санаат, энергетика ҳәм агросанаат комплексинде биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў перспективалары, сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасында өндирис қуўатлылықларын раўажландырыў ушын биргеликтеги кәрханаларды шөлкемлестириў ҳәм Корея технологияларын тартыў имканиятлары додаланды. Соның менен бирге, Корё жеке меншик изертлеў университети ўәкиллери менен сөйлесиўлер өткерилди. Тәреплер Қарақалпақстан жоқары оқыў орынлары оқытыўшыларының маманлығын арттырыў ҳәм студентлерди Корё университетинде қысқа мүддетли оқытыў имканиятларын көрип шықты.
Улыўма сапар даўамында байланысларды беккемлеў бағдарында бир қатар инвестициялық келисимлерге қол қойылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги