Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги ҳәм Корея Республикасының Өзбекстандағы елшиханасы жанындағы Корея билимлендириў орайы менен биргеликте Қарақалпақстанда биринши мәрте 24-санлы улыўма билим бериў мектебинде корейс тили олимпиадасы өткерилди. Олимпиада 9,10,11-класс оқыўшылары арасында өткерилип, жоқары балл топлаған 15 оқыўшы Өзбекстан Республикасы басқышына жолламаға ийе болды.
Олимпиаданы өткериўден мақсет- оқыўшы жасларды шет тиллерине болған қызығыўшылығын қоллап-қуўатлаўдан ибарат.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.