Мәмлекетимиз басшысы өзиниң шығып сөйлеген сөзинде коррупция реформалар жолындағы ең үлкен тосқынлық екенин атап өтти.
Соның ушын соңғы жыллары бул иллетке қарсы гүресиў бойынша нызамлар қабыл етилип, жаңа система жаратылды. Парламент палаталарында жуўапкер комитетлер, Коррупцияға қарсы гүресиў миллий кеңеси ҳәм Агентлик шөлкемлестирилди.
Ең әҳмийетлиси, жәмийетте коррупция машқаласын жәмийетшилик додалаўына алып шығатуғын ашық система, ашық орталық жаратылды. Әсиресе, ғалаба хабар қуралларының бул бағдардағы орны ҳәм тәсири артып бармақта.
Бәринен бурын, коррупцияның факторларына қарсы гүресилмекте. Мәселен, жерди ҳәким қарары менен ажыратыўдан толық ўаз кешип, аукцион системасына өткерилгени нәтийжесинде бул система халықшыл болды. "Ашық-айдын қурылыс" бағдарламасы енгизилгеннен кейин бул тараўда да унамлы өзгерислер сезилди.
Мәмлекетлик сатып алыўлар бойынша нызам қабыл етилгени, таңлаў ҳәм тендер санластырылып, саламат бәсеки болғаны себепли өткен жылы 14 триллион сум бюджет қаржысы үнемленди.
Бүгинги күнге келип, барлық банклер 100 миллион сумға шекем турмыслық кредитлерди инсан факторысыз 5 минуттың ишинде онлайн берип атыр. Нәтийжеде алдын бул жумыс пенен шуғылланған мыңлаған банкирлер енди мәҳәллеге түсип, адамларға жойбар, кредит усыныс етип, қарыйдарын көбейтиў менен ислемекте.
Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи системасында 10 нан аслам хызмет түрлери толық электрон түрге өткерилди. Бул тараўда мүрәжатлар саны 2,5 есеге азайды.
Жоқары билимлендириў системасы да санластырылды. Дәслеп тест тапсырып, топлаған балына қарап, кейин жоқары оқыў орнын таңлаў енгизилди. 35 түрдеги ҳүжжетлерди инсан факторысыз алыўға өтилгени ушын тараўдағы мүрәжатлар 2,2 есеге азайды.
Жол ҳәрекети қәўипсизлиги инспекторы "бодикамера"да хызмет етип атырғаны, авто номерлер аукционда сатылып атырғаны, қағаздағы протокол жоқ екенлиги себепли коррупция факторлары кескин азайды.
Халық ҳәм исбилерменлерге "халық хызметиндеги мәмлекет" принципи тийкарында хызмет көрсетиў жолға қойылды. Атап айтқанда, 120 түрдеги ҳүжжетлерди талап етиў, 160 тан аслам лицензия ҳәм рухсатнамалар бийкар етилди. Нәтийжеде 200 мыңға шамалас жаңа исбилерменлер базарға кирип келди. Сырт ел қатнасыўындағы кәрханалар дерлик 5 есеге артып, 23 мыңға шамаласты.
Электрон мәмлекетлик хызметлер саны 15 есеге артып, 721 ге жетти, олардан пайдаланыўшылар болса, 11 миллионнан асты.
Ең әҳмийетлиси, булар арқалы халық, исбилерменлер, сырт елли шериклеримиз, халықаралық шөлкемлер ҳәм инвесторлардың реформаларға исеними беккемленди. Кейинги жети жылда 120 миллиард доллардан аслам инвестиция киргени, экономикамыз 2 есеге өсип, өткен жылы 115 миллиард долларға жеткени буның дәлили.
Президент коррупцияға қарсы гүресиў турақлы процесс екенин айтып, бул бағдардағы әҳмийетли мәселелерди ҳәм келешектеги ўазыйпаларды көрсетип өтти.
Ҳуқық-қорғаў уйымлары, тийкарынан, коррупцияны анықлаў ҳәм жазалаў менен ислеп, коррупциялық факторларды түп-тамырынан жоқ ететуғын превентив илажлар итибардан шетте қалып атырғаны атап өтилди.
Сол себепли Коррупцияға қарсы гүресиў агентлигиниң жумыс усылы өзгертилетуғыны белгиленди. Буның ушын, тәжирийбе тәризинде 5 - Денсаўлықты сақлаў, Қурылыс, Суў хожалығы министрликлери, Нефтгаз ҳәм Суў тәмийнаты жәмийетлериниң комплекс қадағалаўы агентликке өткериледи.
Сондай-ақ, районлар дәрежесине түсип, турмыслық ҳәм системалы коррупция факторларын терең үйренеди. Таллаўлар тийкарында анық илажларды ислеп шығып, Миллий кеңеске усынады.
Коррупциялық жынаятлардың 75 проценти район ҳәм мәҳәлледе турмыслық коррупция түринде исленип атыр. Соның ушын енди Коррупцияға қарсы гүресиў аймақлық кеңеслериниң қурамы толық жаңаланады. Оларға халық депутатлары ўәлаятлық кеңесиниң баслықлары басшылық етеди.
Аймақлық кеңеслер коррупциялық факторларды анықлап, оларды сапластырыў ушын нызамшылықты өзгертиў, жазаның сөзсиз екенлигин тәмийинлеў бойынша Миллий кеңеске усыныс киргизеди.
Буннан сегиз жыл бурын аймақларды комплексли раўажландырыў бойынша секторлардың жумысы жолға қойылған еди. Бул система социаллық-экономикалық машқалаларды шешиўге жәрдемлести. Соның менен бирге, соңғы жылларда аймақлардың потенциалы артты.
Сол себепли енди прокурор, ишки ислер ҳәм салық басшылары секторлардың жумысы менен шуғылланбаўы белгиленди. Жынаятшылықтың алдын алыў, оған қарсы гүресиў бойынша қосымша ўазыйпалар қойылды.
Мәмлекетлик сатып алыўларда коррупцияның алдын алыў мәселесине айрықша итибар қаратылды. Усы мақсетте Эксперт комиссиясы дүзиледи. Алдынғы тәжирийбе тийкарында мәмлекетлик сатып алыўларда товарлардың орташа базар баҳалары көринип туратуғын электрон платформа жаратылады. Онда, мәмлекетлик сатып алыўларда сатып алынатуғын товар ҳәм хызметлердиң баҳасы орташа базар баҳасынан көби менен 20 проценттен артпаўы шәрт. Бул талапты бузғаны ушын нызам менен жуўапкершилик ҳәм жәриймалар енгизиледи.
Бюджет ҳәм бюджеттен тысқары қаржы есабынан тийкарғы қуралларды сатып алыў бойынша талаплар да күшейтилетуғыны белгиленди. Мәмлекетлик уйымлардың сатып алыўларында елимизде ислеп шығарылып атырған транспорт ҳәм мебелге үстинлик бериў зәрүр екенлиги атап өтилди. Ири жойбарларды жоқары дәрежедеги коррупцияға қарсы стандартлардан келип шығып баҳалаў талабы қойылды.
Коррупцияның алдын алыў - мәмлекетлик хызметке профессионал ҳәм пидайы кадрларды таңлаў және оларды "ҳадаллық вакцинасы" менен емлеўден басланады. Сол себепли жумысқа алыўдағы тәртип ҳәм қатнасларды жетилистириў бойынша тапсырмалар берилди.
Мәмлекетлик хызметкерлердиң дәраматын декларациялаўға байланыслы нызам зәрүр екенлиги атап өтилип, оның жойбары жәмийетшиликтиң додалаўына қойылатуғыны белгиленди.
Пикирлеўти таза, коррупцияға төзимсиз жаңа әўладты тәрбиялаў мақсетинде билимлендириў мәкемелеринде ҳадаллық идеяларын сиңдириў, олардың басламаларын қоллап-қуўатлаў әҳмийетли екенлиги көрсетип өтилди.
Мәмлекетимиз басшысы өзиниң шығып сөйлеген сөзинде жәмийетшиликке мүрәжат етип, коррупцияға қарсы гүресиў улыўма миллий ўазыйпа, ҳәр бир ўатансүйгиш ўатанласымыздың ҳүждан иси екенин атап өтти.
- Ҳәммемиз бирлескен күш болып ҳәрекет етсек, әлбетте, үлкен унамлы нәтийжеге ерисемиз. Соның ушын мәҳәлле белсендилери, нураныйлар, зыялылар, жазыўшы ҳәм шайырлар, көркем өнер ҳәм мәденият хызметкерлери, исбилерменлер, белгили шахслар, басшылар, депутат ҳәм сенаторлар - улыўма пүткил жәмийетшилик бирлесип, коррупцияға "жәмийет денесиндеги рак" сыпатында қараўы керек, - деди Шавкат Мирзиёев.
Мәжилисте парламент ҳәм ҳүкимет ағзалары, жәмийетшилик ўәкиллери менен пикирлесиў болды.
Улыўма, биринши мәрте бундай тәризде мәжилис өткерилиўи коррупцияға қарсы күшли сиясий ерк-ықрарды көрсетти. Мәмлекетимиз басшысы 55 анық мақсетке бағдарланған басламаны алға қойды.
Олар шеңберинде 5 нызам, 12 пәрман ҳәм қарарлар ислеп шығылады. Коррупцияға қарсы гүресиўде парламент, Миллий ҳәм аймақлық кеңеслер, пуқаралық жәмийети институтларының роли арттырылады.
Коррупцияға қарсы гүресиўдиң ҳуқықый тийкарлары күшейеди. Декларациялаў, нызамсыз байлық арттырыўға байланыслы жаңа тәртиплердиң киргизилиўи нәтийжесинде коррупция факторлары шекленеди. Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги, шөлкемлердеги ишки қадағалаў структураларының жумысы күшейтиледи.
Турмыслық коррупцияға қарсы гүресиў бойынша министрликлер, уйымлар басшыларының жуўапкершилиги арттырылады. Мәмлекетлик хызметлер дәрежесин халық баҳалайтуғын система жаратылады, ең жаман көрсеткишке ийе тараў басшылары бойынша шара көриледи.
Қадағалаў инспекцияларының еркинлиги арттырылады. Ири инвестициялық жойбарларда, аукционларда коррупцияның алдын алыўшы механизмлер енгизиледи.
Мәмлекетлик сатып алыўларды тәртипке салыў, тиккелей сатып алыўларды шеклеў есабынан бюджет қаржыларының үнемлениўи тәмийинленеди. Мәмлекетлик пулды мақсетсиз жумсаў жағдайларына шек қойылады.
Секторлардан босаған күш ҳәм қураллар жынаятшылыққа қарсы гүресиўге жумсалып, жәмийетте турақлылық орталығы ҳәм адамлардың разылығы артады. Нызамсыз тексериўлер үстинен прокурор қадағалаўының күшейтилиўи арқалы орынларда бизнес ҳәм инвестициялық орталық жақсыланады.
Ерисилген нәтийжелер халықаралық рейтинглерде мәмлекетимиздиң орнын жақсылайды. 2027-жылы UNCAC конференциясын өткериўге Өзбекстанның кандидатурасын мақуллаў ушын тийкар таярлайды.
Ең әҳмийетлиси, халықтың, әсиресе, жаслардың ҳуқықый санасы арттырылып, жәмийетте коррупцияға қарсы гүресиўге байланыслылық қәлиплеседи.