Коррупция ҳәм экономикалық ҳуқықбузарлықларға қарсы гүресиў, комплаенс қадағалаўды жетилистириў мәселелери көрип шығылды

    Сиясат 10 желтоқсан 2025 708

    Президент Шавкат Мирзиёев 10-декабрь күни коррупцияға қарсы гүресиў, комплаенс қадағалаўды жетилистириў ҳәм санластырыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм келешектеги режелерге байланыслы презентация менен танысты.

    Коррупция жәмийетлердиң социаллық-экономикалық раўажланыўына зыян келтиретуғын ең аўыр жынаятлардан бири болып есапланады. Ҳеш бир мәмлекет, регион ямаса жәмәәт бул ҳәдийседен толық қорғаўға ийе емес. Коррупция исбилерменлик, илим, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў ҳәм басқа да көплеген тараўлардың раўажланыўына зыян келтиреди. Коррупция иллетлери тамыр жайған мәмлекет табыслы раўажлана алмайды.

    Жаңа Өзбекстанда реформалардың басынан усы қәўипти терең түсиниў тийкарында коррупцияның алдын алыў, ашық-айдынлықты арттырыў ҳәм жәмийетлик қадағалаўды күшейтиў бойынша избе-из кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Профилактикалық илажларды алға қойыў - тек ғана ақыбетлерди сапластырыў емес, ал ҳуқықбузарлықлар жүзеге келиўиниң факторлары менен себеплериниң алдын алыў мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарына айланды.

    2004-жылдан берли БМШтың басламасы менен ҳәр жылы 9-декабрь - Халықаралық коррупцияға қарсы гүресиў күни сыпатында белгиленбекте. Бул сәне әмелге асырылып атырған илажлардың нәтийжелилигин баҳалаў, әмелий нәтийжелерди таллаў ҳәм жаңа ўазыйпаларды белгилеў имканиятын береди.

    Атап өтилгениндей, өткен дәўирде мәмлекетлик уйымлардағы комплаенс-қадағалаў структураларының жумысы қайта көрип шығылды. Ишки қадағалаў бөлимлери тәрепинен 11 мыңнан аслам тексериў өткерилип, 793 миллиард сумлық қаржылардың мақсетсиз жумсалыўының алды алынды. Дерлик 2 триллион сумлық финанслық қәте-кемшиликлер анықланып, 478 миллиард сумлық зыян өндирилди.

    Ишки коррупцияға қарсы гүресиў бөлимлериниң нәтийжелилик көрсеткишлери (KPI) тастыйықланды. Олар тәрепинен 700 ден аслам тексериў, мониторинг ҳәм қадағалаў илажлары өткерилип, 354 миллиард сум муғдарында нызамбузыўшылықлар анықланған ҳәм дерлик 550 миллиард сум муғдарындағы қаржылардың мақсетсиз жумсалыўының алды алынған. 1 мың 397 мәплер келиспеўшилиги жағдайы анықланған.

    Жуўапкерлерге 26 жынаят иси қозғатылып, 24 и ҳәкимшилик ҳәм 148 и интизамый жуўапкершиликке тартылған.

    Денсаўлықты сақлаў, мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи, кадастр, қурылыс системаларында, сондай-ақ, мәмлекетлик хызметкерлер арасында коррупцияға маўасасыз мүнәсибет турақлы қәлиплестирилип атырғаны, кадрлар сиясатында ашық-айдынлық тәмийинленип атырғаны, коррупцияға қарсы гүресиў бойынша арнаўлы бағдарламалар бойынша оқытылып атырғаны айрықша атап өтилди.

    Бул жумысларды жаңа басқышқа көтериў мақсетинде Коррупцияға қарсы гүресиў кластерин шөлкемлестириў усыныс етилди. Бул өз-ара бирге ислесиў системасы Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги, ҳуқық қорғаў уйымлары, Есап палатасы, Мәмлекетлик финанслық қадағалаў инспекциясы, уйымлардың ишки қадағалаў бөлимлери, билимлендириў ҳәм илимий-изертлеў мәкемелери, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер арасында тығыз бирге ислесиўди жолға қойыў ҳәм олардың ҳәрекетлерин бирлестириўге хызмет етеди.

    Кластер шеңберинде бир пүтин экосистеманы қәлиплестириў ҳәм жумыс нәтийжелилигин арттырыў имканиятын беретуғын мәлимлеме алмасыў, биргеликтеги илажлар өткериў, нәтийжелерди мониторинг етиў ҳәм баҳалаў режелестирилген.

    Презентацияда санластырыў ҳәм жасалма интеллект технологияларын енгизиў мәселелерине де айрықша итибар қаратылды.

    Ҳәр қыйлы уйымлардың мағлыўматлар базасын интеграциялаў тийкарында мәмлекетлик сатып алыўларда коррупциялық қәўип-қәтерлер ҳәм өз-ара байланыслылық жағдайларын автоматикалық түрде анықлаў бойынша Қәўип-қәтерди таллаў орайын шөлкемлестириў режелестирилмекте. Комплаенс-бөлимлердиң жумысын толық санластырыў, қәўип-қәтер факторларын анықлаўды жеделлестириў режелери көрсетип өтилди.

    Қарарлар қабыл етиўде жәмийетлик қадағалаўды күшейтиў зәрүр екенлиги атап өтилди. Сол себепли «E-qaror» системасында ҳүжжетлердиң ашық жәрияланыўы үстинен қадағалаўды күшейтиў, бюджет қаржыларының жумсалыўы үстинен жәмийетлик қадағалаў имканиятларын кеңейтиў бойынша тапсырмалар берилди.

    Профилактикалық илажлардың көлеми ҳәм тәсиршеңлигин кеңейтиў әҳмийетли екенлиги айрықша атап өтилди.

    Коррупцияны келтирип шығаратуғын факторларды сапластырыў бойынша жойбарлаў офислерин шөлкемлестириў усыныс етилди. Бәринен бурын, коррупциялық жынаятлар ҳәм бюрократия көп, мүрәжатлар саны көп, санластырыў дәрежеси төмен болған тараўларда жумыс алып барыў керек екенлиги атап өтилди. Бундай офислердиң жумысы жуўмағы бойынша есабат таярланады ҳәм жәмийетшиликке усынылады.

    Халықты коррупцияға қарсы гүресиў процесине және де белсене тартыў, инвестициялық жойбарлардың орынланыўын мониторинг етиў бойынша инталы топарларды кеңейтиў, қурылыс жумысларын қадағалаўда мәҳәлле белсендилериниң қатнасын тәмийинлеў әҳмиетли екенлиги атап өтилди.

    Коррупция жағдайлары бойынша мүрәжатларды хошаметлеў мақсетинде мәлимлеме бериўшилерге қорғаў ордерин бериў ҳәм ҳақыйқый хошаметлеў механизмлерин енгизиў усыныс етилди. "Коррупцияға қарсы гүресиўге қосқан үлеси ушын" көкирек белгисин шөлкемлестириў басламасы алға қойылды.

    Президентимизге қосымша қун салығын басқарыўдағы қәте-кемшиликлерди сапластырыў ҳәм ҳәр қыйлы тараўларда экономикалық ҳуқықбузарлықларға қарсы гүресиў бойынша көрилип атырған илажлар ҳаққында да мағлыўмат берилди. Инсан факторын қысқартыў, қосымша қун салығын есапқа алыўды толық автоматластырыўға өтиў бойынша көрсетпелер берилди.

    Жуўапкерге экономикалық ҳуқықбузарлықлардың тек ақыбетлерин емес, ал себеплерин де сапластырыўға итибар қаратыў, санластырыў, аралықтан қадағалаў ҳәм халықаралық бирге ислесиўди кеңейтиў бойынша тапсырмалар берилди.

    профилактиканы күшейтиў, финанслық ҳәм ҳуқықый саўатлылықты, соның ишинде, медиа ресурслар арқалы арттырыў, ҳуқықбузарлықлар ушын шараят жаратып атырған ҳуқықый бослықларды сапластырыў мақсетинде нызамшылықты турақлы жетилистирип барыў зәрүрлиги атап өтилди.



    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates