Бир ғана кредит системасы буған мысал бола алады. Алдынлары тырна қатар болып банктиң есигинде сарғайған, ҳүжжетпазлық артынан тийкарғы ўақтын жолға сарыплаған ўатанласларымыз енди бир неше минутта телефон қосымшалары арқалы кредит алмақта. Бул имканият көплеген инсанлардың аўырын жеңиллетип атырғаны, мақсетли жумсалса, кесеси ағарып, руўзыгершилигине берекет кирип атырғаны да әйне ҳақыйқат.
Бүгин көпшилигимиз кредит ҳаққында өзине тән көзқарасқа, белгили бир мәнисте тәжирийбеге ийемиз. Ең болмағанда әтирапымыздағылардың бул бағдардағы машқаласынан хабардармыз. Тилекке қарсы, кейинги ўақытлары кредит алыўдағы қолайлықлар менен бирге, бул системадағы алдаўшылық саны да артып бармақта. Қайсы бир лаўазым ийеси қол астындағылардың атына кредит рәсмийлестирип, пулды жеп қойғаны ямаса телефон арқалы өзин банк хызметкери сыпатында таныстырып, адамларды тонап атырғанлардың көбейип атырғаны ашынарлы жағдай.
Жақында аўылдағы жорам қоңыраў етип қалды. Айтпақшы ол оқыўға қызықпады. Әкесинен қалған малларды көбейтип, хожалық жүргизетуғын еди. Бул арада фермер хожалығына жумысқа киргени ҳаққында да еситтим. Қулласы, сада жорама көп қатары "банк хызметкерлери" қоңыраў етип, оның менен видеочатта сөйлесиўге көндирген. Сөйлесиў ўақтында достымның келбети сканерленип, идентификацияланған ҳәм сол тийкарда мағлыўматлары қәлиплестирилип, атына кредит рәсмийлестирилип алынған. Буннан, тәбийий, аңқаў жорамның хабары жоқ еди. Ақыбетинде еки айдан соң үйине Мәжбүрий орынлаў бюросынан хат келген. Жорам қорасындағы малын базарға сатып, кредитинен қутылды. Солай етип, алдаўшылар оны өмиринде қолына услап көрмеген пулға күйдирди.
Мағлыўматларға бола, тек ғана 2024-жылы алдаўшылық жолы менен пуқаралардың атына онлайн кредит ажыратыў бойынша 500 ге шамалас жағдай анықланған. Бул процессте жәбирлениўшилерге дерлик 15 миллиард сум муғдарында материаллық зыян жеткерилген.
Бирақ, сонша ескертиўлерге қарамастан, алдаўшылардың дузағына түсип атырғанлар бар. Хош, бундай жағдайда не ислеў керек? Жуўапкерлер қандай шешимлерди усыныс етпекте?
Шеклеў шаралары
Олий Мажлистиң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (Омбудсман) мәлимлеме хызметиниң мағлыўматларына бола, 2024-жылы пуқаралардан экономикалық ҳуқыққа байланыслы 6000 нан аслам мүрәжат келип түскен. Олардың 9 проценти алдаўшылық жағдайлары менен байланыслы. Пуқаралардың жеке мағлыўматлары тийкарында түрли коммерциялық банклерден кредит алыў жағдайлары сезилерли дәрежеде көбейген. 2023-жылы бундай мүрәжатлардың саны 110 ды қураған болса, 2024-жылы бул сан 42 процентке артқан.
Мүрәжатлардың 60 процентинде өзин төлем системасы ямаса Орайлық банк хызметкери сыпатында таныстырған шахслар пуқаралардың жеке мағлыўматларынан пайдаланған ҳалда онлайн кредитлер рәсмийлестирилген. Айырым жағдайларда болса бир шахстың атына 5-6 коммерциялық банктен кредитлер алынған.
- Алдаўшылар дузағына тийкарынан ҳеш жерден онлайн кредит алмағанлар түспекте. Соңғы ўақытлары онлайн кредит алыў бойынша ушырасып атырған алдаўшылықлардың көбейип барыўынан кейин 2024-жыл 1-ноябрьден 2025-жыл 1-апрельге шекем ўақытша тәртип енгизилди, - дейди Орайлық банктиң киберқәўипсизлик орайының қәнигеси Хуршид Худоёров. - Енди кредит шөлкемлери пуқара кредит алыў ушын арза жибергеннен соң оның кредит бюролары мағлыўматлар базасындағы кредит тарийхын 2 басқышта - арза түскеннен соң ҳәм кредит қаржысы ажыратылыўынан алдын тексериўден өткериледи. Бул талаптың орнатылыўы кредит алыў бойынша арза пуқараның өзи тәрепинен берилгенин анықлаў ҳәм оның шахсына және бир мәрте анықлық киргизиў имканиятын береди.
Қәнигениң атап өтиўинше, бул шеклеў және бир неше басқыштан ибарат. Пул ажыратылғаннан соң P2P әмелияты (картадан картага өткермелер), физикалық шахслардың есап бетлери ҳәм электрон қалтасына өткермелер, мобил байланыс операторлары арқалы телефон номери есабын толтырыў, сырт елге пул өткермелери ҳәм онлайн валюта алмастырыў операцияларына 48 саат даўамында шеклеў орнатылады. Егер пуқара банкке байланысып, шахсын тастыйықласа, пул алыўы мүмкин. Бул шеклеў барлық коммерциялық банклер тәрепинен енгизилген. Бирақ бул тәртип тек ғана биринши мәрте идентификациядан өтип атырғанлар ушын хызмет ететуғынын есапқа алсақ, бул онлайн кредит алыў менен байланыслы алдаўшылық жағдайларына толық шек қоя алмаўы мүмкин.
Кредитке байланыслы мағлыўматты алыўды қадаған етиў мүмкин
Енди физикалық тәреп өзиниң қатнасыўысыз ямаса хабарысыз кредит питими рәсмийлестирилиўиниң алдын алыў ушын кредит бюросына арза киргизиў арқалы кредит питимин дүзиўди қадаған етиўи мүмкин. Кредит питимин дүзиўди қадаған етиў ямаса бундай қадаған етиўди бийкарлаў ҳаққындағы арза алынған ўақыттан баслап кредит бюросы дәрҳал оны реестрге, яғный кредит питими дүзилиўи қадаған етилген физикалық шахслар ҳаққындағы мағлыўматты өз ишине алған ҳәм кредит бюролары тәрепинен жүргизилетуғын бирден-бир мағлыўматлар базасына киргизеди.
- Кредит келисимин дүзиў қадаған етилген шахслардың өз-ара муўапықластырылған реестрин жүргизиў тәртибин Орайлық банк белгилейди, - дейди Орайлық банктиң юридикалық департаменти директорының орынбасары Баҳодир Исмоилов. - Кредит питимин дүзиўди қадаған етиў ямаса бундай қадаған етиўди алып таслаў ушын физикалық тәреплер мәмлекетлик хызметлердиң Бирден-бир интерактив порталы, мәмлекетлик хызметлер орайлары ҳәм кредит бюролары арқалы жазба ямаса электрон арза менен мүрәжат етиўи мүмкин.
Кредит питимин дүзиўди қадаған етиў ямаса бундай қадаған етиўди алып таслаў ықтыярлы болып, онда бул хызметлер Министрлер Кабинети тәрепинен белгиленген тәртипте бийпул әмелге асырылады.
Бүгин Өзбекстанда кредит мағлыўматы менен тәмийинлейтуғын 2 кредит бюросы бар. Булар - "Кредит-мәлимлеме таллаў орайы" кредит бюросы ҳәм "СРИФ кредит мәлимлеме хызметлери" ЖШЖ. "Кредит-мәлимлеме таллаў орайы" кредит бюросы тәрепинен КМТО қосымшасы иске түсирилген болып, онда ҳәр бир пуқара өзиниң кредит тарийхы менен танысыўы мүмкин. Бизге белгили, кредит ажыратып атырған финанслық шөлкем кредит мағлыўматлары менен таныспай турып кредит ажырата алмайды. Бул қосымша арқалы онлайн алдаўшылардан қорғаўшы “Freeze” бағдарламасын иске қосыўыңыз мүмкин. Бунда сизиң кредит тарийхыңыз бенен танысыўды қәлеген финанслық шөлкемге кредит бюролары тәрепинен қадаған етиледи.
- Жақын келешекте альтернатив скоринг есабаты, юридикалық шахслардың рейтинги, кредит мағлыўматының толықлығын тексеретуғын автоматластырылған логикалық қадағалаў ҳәм мониторинг хызмети, мағлыўматлар базасын банк емес шөлкемлердиң мағлыўматлары менен кеңейтиў, оқыў орайын шөлкемлестириў ҳәм “Asoki” системасын модернизациялаған ҳалда жаңа “soft core” системасын ислеп шығыў сыяқлыларды жолға қоймақшымыз, - дейди "Кредит-мәлимлеме таллаў орайы (КМТО) " кредит бюросының атқарыўшы директоры Санжар Мақсудов.
Сондай-ақ, өзбекстанлыларға өзине кредит ажыратылыўын қадаған етиў ҳуқықын бериўши нызам жойбары да додалаўға қойылған. Бул хызмет кредит алыў ямаса қарыйдардың пул қаржылары менен байланыслы операцияларды әмелге асырыў имканиятын шеклеўге арналған. Себеби кредит мағлыўматы менен таныспастан кредит беретуғын финанслық шөлкемлер де бар. Егер "Кредит мәлимлемеси алмасыўы ҳаққында"ғы нызамға халықты кредитлеў, атына кредитлер бериў ҳәм усы кредит қаржыларын аралықтан турып урлаўға байланыслы алдаўшылық жынаятларынан қорғаў мақсетинде өзгерислер күшке кирсе, кредит берген шөлкем жуўапкершиликке тартылатуғыны белгиленген.
Тилекке қарсы, алдаў арқалы пул таўып, балаларын бағып атырған алдаўшылар өзге ел ўәкиллери емес, ал ийман ҳәм инсапты биринши орынға қоятуғын, биреўдиң ҳақысын жеўден қорқатуғын, өтирик сөйлеўден тартынатуғын халқымыздың атын көтерип жүр.
Мәлимлеме технологиялары раўажланған сайын алдаўшылық ҳәм алдаўшылықтың жаңа усыллары ойлап табыла береди. Бундай жағдайлардың ғалаба ен жайыўына қарсы халықтың экономикалық билимлерин раўажландырыў, медиа саўатлылығын арттырыў арқалы ерисиў мүмкин.
Сардор ТОЛЛИБОЕВ,
“Янги Ўзбекистон” хабаршысы