Онда Дән ҳәм салы илимий-өндирислик бирлеспесиниң директоры Д.Утамбетов ҳәм аўыл хожалығы тараўы ўәкиллери қатнасты.
Семинарда ғәлле тәрбиясын дурыс шөлкемлестириў, өнимдарлықты арттырыў, жерлердеги шорды жуўыўға таярлаў, суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў, суўғарыў тармақларын бетонластырыў арқалы суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў мәселелери додаланды.
Илажда фермер хожалықларының басшылары, кластерлердиң ўәкиллери, аўыл хожалығы хызметкерлери ҳәм тараў қәнигелери дала шараятында әмелий усыныслар ҳәм алдынғы тәжирийбелер менен танысты. Қәнигелер агротехникалық илажларды белгиленген мүддетлерде сапалы әмелге асырыў бойынша түсиниклер берди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.