Кәсиплик аўқамлары жәмийетимиздиӊ зәрүр шөлкеми болып қала береди

    1 мамыр 2025 104

    И.В.Савицкий атындағы мәмлекетлик көркем өнер музейинде «Музейлер бай тарийхымыз ҳәм мәдениятымыздың бийтәкирар ғәзийнеси» атамасында «Музейлер ҳәптелиги» илажлары өткерилди.

    Бул илажлар Мәденият, спорт ҳәм туризм хызметкерлери кәсиплик аўқамы Қарақалпақстан Республикасы бирлекен комитети тәрепинен Мәденият, Спорт министрлиги ҳәм Өзбекстан Көркем өнер академиясы Қарақалпақстан бөлимлери менен биргеликте шөлкемлестирилди.

    Илажда Мәденият, спорт ҳәм туризм хызметкерлери кәсиплик аўқамы Қарақалпақстан Республикасы бирлекен комитетиниң баслығы Ж.Аяпов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, өткерилип атырған илажлардың әҳмийетине тоқтап өтип, Өзбекстан кәсиплик аўқамларының 120 жыллығы, тарийхы ҳәм раўажланыў басқышлары туўралы мағлыўматлар берилди.

    Атап өтилгениндей, пүткил дүньяда болғаны сыяқлы ХХ әсир басларында Түркстан жеринде де кәсиплик аўқамлары пайда болыўынан алдын ислеўши-хызметкерлер ҳәр қыйлы дөгерек, жыйын ҳәм аўқамларға бирлесе баслаған. Олардыӊ атында “Кәсиплик” сөзи болмаса да, олар жумысларына қарап, ислеўши-хызметкерлер тәрепинен өзлериниң экономикалық ҳәм кәсиплик мәплерин қорғаў мәселелеринде жумыс алып барған.

    Түркстанда биринши рәсмий емес дөгереклер 1903-жылы Ташкентте, 1904-жылы Самарқандта пайда болған. 1905-жылдың гүзине келип, Ташкентте жумысшылардыӊ 15 дөгереги жумыс алып барған. Бул дөгереклер барған сайын кәсиплик аўқам шөлкемлериниӊ пайда болыўында әҳмийетли рол атқарды.

    Өзбекстан Республикасы ғәрезсизликке ерискеннен соӊ республикада 25 тараў кәсиплик аўқамлары дүзилип, олар өз Уставларын қабыл етти. 1991-жылы усы кәсиплик аўқамлары тәрепинен Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы шөлкемлестирилди. Сол ўақыттан берли бир нешше рет тараўлық кәсиплик аўқамларының қосылыўы арқалы қайта шөлкемлестириў жумыслары әмелге асырылды. Соӊғы жылларда кәсиплик аўқамлары жәмийетимиздиӊ керекли бир бөлегине айланды.

    Өзбекстан кәсиплик аўқамларыныӊ мәмлекетимиздиӊ социаллық турмысындағы үлкен орны ҳәм әҳмийетин итибарға алып, Өзбекстанда 11-ноябрь сәнеси «Кәсиплик аўқамлары күни» деп белгиленип, Жаңа Өзбекстанның жаңа кәсиплик аўқамлары қәлиплести.

    Илажда мийнет нуранийлары ҳәм кәсиплик аўқамы белсендилерине Мәденият, спорт ҳәм туризм хызметкерлери кәсиплик аўқамы Қарақалпақстан Республикасы бирлекен комитети тәрепинен диплом ҳәм естелик саўғалар тапсырылды.

    Соң мийманлар музей кинозалына, илимий китапханасына алып барылып, музей тарийхы ҳаққында мағлыўматлар, ҳүжжетли видеофильм қойып берилди. Сондай-ақ, арнаўлы презентациялар менен таныстырылды.

    Қатнасыўшылардың музей заллары бойлап саяхаты шөлкемлестирилди. Бул илаж Нөкис қаласындағы 1-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебиниң дуўтаршы қызлары ҳәм Бердақ атындағы академиялық музыка театры артистлериниң атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етип, қатнасыўшыларға айрықша заўық бағышлады.

    Ә.Жийемуратов,

    Қарақалпақстан хабар агентлиги.