Ол қыйтақ жеринде лимон, қулпынай, араб қурмасы сыяқлы мийўелерди жетистириўди жолға қойған болып, 30 сотых егин майданының 2 сотыхында ықшам ыссыхана қурып, онда жетистирилген лимоннан бир жыл ишинде екинши мәрте өним алынбақта. Районлық фермер, дийхан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси тәрепинен лимон нәллерин көбейтиўди жолға қойыў бойынша жол-жобалар берилип, әмелий жәрдемлер көрсетилип келинбекте. Қыстың аязлы күнлеринде қарыйдарлардың лимон өнимине деген талабы жақсы болғанлықтан қыйтақ жер ийесиниң өнимнен алған пайдасы шаңарағына қосымша дәрамат болмақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.