Үлкемиздиң әжайып адамлары

    Өткен әсирдиң 70-80-жыллары республикамызда аўыл хожалығы тараўы жақсы раўажланып, халқымыз арасынан көплеген мийнет қаҳарманлары жетилисип шықты.

    Солардың бири, кегейлиши атақлы механизатор Үсенбай Балтаниязов еди. 1940-жылы Кегейли районында туўылған ол қаршадайынан аўыл хожалығына араласып, аўылда жумысшы, 1958-жылдан баслап Халқабад хожалығында механизатор, бригадир, участка баслығы сыяқлы жуўаркершиликли лаўазымларда 40 жылдан аслам ўақыт жемисли мийнет етти.

    1966-70-жыллары Үсенбай Балтаниязов басқарған бригада ағзалары пахта жетисириў бойынша жарыста районда бириншиликти қолға киргизип, елимиздиң ең жоқары ордени менен сыйлықланады. Бул сыйлықтан руўхланған жас азамат өзиниң өрнекли ислерин даўам еттирип, тоғызыншы бес жыллықта да бириншиликти қолдан бермейди ҳәм 1973-жылдың 10-декабрь күни Мийнет қаҳарманы атағына миясар болады.

    Үсенбай Балтаниязов өзиниң мийнет жолы даўамында еки шақырық Бурынғы аўқам Кеңесине депутат болып сайланады. Оның депутатлық белсендилиги арқасында, Жүзимбағ аўылында мектеп ҳәм балалар бақшалары қурылған.

    Ҳәзирги ўақытта ол 85 жасқа шығып, перзентлери ҳәм ақлық-шаўлықларының қоршаўында ғаррылық гәштин сүрмекте.

    Кегейли районындағы 21-санлы улыўма билим бериў мектебинде елимизге белгили аўыл хожалығы тараўы пидайы хызметкери, Мийнет қаҳарманы Үсенбай Балтаниязовтың 85 жыллығына бағышланған «Үш әўлад ушырасыўы» болып ѳтти.

    Кешеде Нураный қоры Қарақалпақстан Республикалық бөлими баслығының орынбасары Г. Қалмуратов, район ҳакиминиң орынбасары А.Төремуратов, Нураный қоры районлық бөлиминиң баслығы Т.Давлетов ҳәм басқалар мийнет ветеранының үлгили ѳмири ҳәм мийнет жолы ҳаққында айтып, юбилярды мүбәрек жаслары менен қутлықлады ҳәм оған естелик саўғалар тапсырды.

    Кешеде Үсенбай ата Балтаниязов та шығып сөйлеп, өзине көрсетип атырған бундай жоқары ҳүрмет ҳәм иззет ушын шөлкемлестириўшилерге миннетдаршылығын билдирди.

    -Азанда ѳтсем де, түсте ѳтсем де, кеште қайтсам да тырылдап пахта атыздан шықпайды, бул қашан дем алады екен, -деп аўылдың адамлары сыртымыздан айтып жүретуғын еди. Соның арасында биреў келип, арқамыздан бир қағып кетсе, сол марапаттан шаршағанымызды билмей ислей беретуғын едик. Сол ислеген бийминнет мийнетлерим, ҳақ кѳкирегимниң арқасында жаратқан маған усындай ѳмир, бахытлы кекселик дәўранын берди, -дейди юбиляр ѳзиниң өткен өмирине көз жиберип.

    Өткерилген бул юбилей кешеси илаж қатнасыўшыларында үлкен тәсир қалдырып, өсип киятырған жас әўлад ўәкиллери ушын ҳақыйқый турмыс сабағы болды, десек алжаспаған боламыз.

    Адилбай Оразов,

    Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.