Үлкен жол бойлары жасыл мәканға айланбақта

    11 желтоқсан 2024 16

    «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде елимиз бойлап әмелге асырылып атырған жумыслар өзиниң унамлы нәтийжесин берип, елатлы пунктлерде, әсиресе, жол бойларында жасыл зоналардың көбейиўине тийкар жаратпақта.

    Халықаралық стратегиялық әҳмийетке ийе “А-380” жолының Қоңырат районы аймағынан өтиўши 861-884-километрлик бөлегиниң еки бойын абаданластырыў арқалы мәдений зонаға айландырыў, аймақлардың азадалығын тәмийинлеў илажлары да көрилмекте.

    Район ҳәкими Б.Мадаминовтың басшылығында трасса бойындағы жер майданлары жәми райондағы 36 мәкеме, шөлкемлерге бөлип берилип, ҳәзирги күнде абаданластырыў, шор жуўыў, егиске таярлаў ҳәм егиў жумыслары алып барылмақта.

    Нәтийжеде бул трасса бойында дала мәдениятының қәлиплесиўине ҳәм пайызлы микроклимат жаратылыўына тийкар жаратылады.

    Қарақалпақстан хабар агентлиги.


    No date selected
    December 2024
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates