Бул ҳаққында 16-декабрь күни болып өткен видеоселектор мәжилисинде тапсырма берилген еди. Соннан келип шығып, 2025-жылы жәми 5 миллион 200 мың халықты, соның ишинде, банклер тәрепинен 3 миллионнан аслам халықты бәнт етиў режелестирилген.
Усы мақсетте 208 район ҳәм қала ҳәкимлери және банклердиң басшылары тәрепинен халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм дәраматын арттырыў бойынша бирге ислесиў шәртнамаларына қол қойылды, онда тәреплердиң анық ҳуқықлары менен миннетлемелери көрсетип өтилди.
Ҳәр бир мәҳәлле бойынша мақсетли көрсеткишлер белгиленди. Халықтың бәнтлигин тәмийинлеўге қаратылған "мәҳәлле жойбары" бағдарламасы шеңберинде ажыратылатуғын 1 миллиард доллар кредит ресурслары банклер ҳәм аймақлар кесиминде бөлистирилди. Жойбарды ислеп шығыў, кредит ажыратыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша районлық банк басшысына айма-ай нәтийжелилик көрсеткиши қойылды.
Енди Орайлық банк баслығы ҳәм оның орынбасарлары аймақларға шығып, орынлардағы банк филиалларының мәҳәллелердеги жумысын жаңаша қатнас тийкарында шөлкемлестиреди. 2025-жыл 1-февральға шекем районлық банклер филиалларында мәҳәлле кесиминде ислесиў бөлимлери шөлкемлестирилип, оларға "мәҳәлле банкирлери" тайынланады. Сондай-ақ, ҳәр бир мәҳәлледе олар менен бирге ислейтуғын "жәрдемши-агентлер" таңлап алынады.
Аймақлық банклер ҳәм район ҳәкимлери халықты таяр бизнес жойбарлары менен таныстырып барады, оларды әмелге асырыў көнликпелери үйретиледи.
“online-mahalla.uz”, “bank-kredit.uz” ҳәм “soliq.uz” мәлимлеме системалары интеграцияланып, жуўапкерлерге жүкленген ўазыйпалардың орынланыўы күнделикли талланып барылады. Жумысы қанаатландырарсыз болған басшыларға илаж көриледи.
2025-жыл бәнтликти тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты азайтыўда шешиўши жыл болатуғыны, буның ушын жергиликли ҳәкимликлер ҳәм экономикалық-финанслық структуралардың муўапықластырылған жумысын жеделлестириў зәрүр екенлиги атап өтилди.