Жергиликли өнимлердиң сапасы көрип шығылды

    Мәмлекетимиз басшысы Әндижан ўәлаяты Булақбасы районындағы "Файз-М" кәрханасының жумысы менен танысты.

    Елимизде шийки затты қайта ислеп, қосымша қун жаратыўға айрықша әҳмийет қаратылмақта. Бул кәрхана да гезлеме тоқыў, бояў ҳәм таяр трикотаж ислеп шығарыў бағдарындағы ири жойбарлардан бири.

    Бул жерде жылына 4 миллион 200 дана, 50 түрдеги өнимлер таярланады. Мыңға шамалас пуқара жумыс пенен тәмийинленген. Хызметкерлердиң маманлығын арттырыў да итибарда. Буның ушын дизайнерлик орайы шөлкемлестирилген.

    Түркия, Германия ҳәм Қытайдан алып келинген алдынғы үскенелер жумыс нәтийжелилиги ҳәм өнимлердиң сапасын тәмийинлемекте. Таяр кийим-кеншеклердиң үлкен бөлеги экспортқа бағдарланады. Жыллық экспорт потенциалы 6 миллион долларға жеткен.

    Президентимиз өндирис процесин ҳәм таяр өнимлерди көзден өткерди. Сапа көрсеткишлери үстинде ислеп, қосымша қунды арттырыў ҳәм экспорт географиясын кеңейтиў бойынша усыныслар берди.

    No date selected
    May 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates