Мәжбүрий санлы маркировкалаў системасының нәтийжелилиги арттырылады

    Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Мәжбүрий санлы маркировкалаў системасының нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған қосымша илажлар ҳаққында"ғы қарары (ПҚ-190-санлы, 23.05.2025-ж.) қабыл етилди.

    Қарарға бола, санлы маркировкалы өнимлердиң ҳәрекетлениў шынжырын толық бақлап барыў арқалы жасырын ислеп шығарыў ҳәм контрафакт өнимлер айланысына шек қойыў тийкарғы мақсет етип белгиленди.

    Исбилерменлер тәрепинен алынған маркировкалаў кодларын өнимлерге қолланыў ушын белгиленген 90 календарь күнлик мүддет бийкар етиледи.

    Маркировка кодлары өнимге тиккелей қолланылғаннан кейин олар ушын төлем әмелге асырылады.

    Сондай-ақ, санлы маркировкаланған өнимлерди агрегатациялаўда қолланылатуғын маркировка кодлары Санлы маркировкалаў ҳәм бақлаў миллий мәлимлеме системасының операторы (Оператор) тәрепинен бийпул усынылады.

    Исбилерменлердиң мүрәжатларын жедел шешиў мақсетинде Оператор тәрепинен күни-түни ислейтуғын "Call-марказ" жумысы жолға қойылады.

    Қарарға бола, 2025-жыл 1-июльден:

    импорт етиўши шөлкем тәрепинен Өзбекстан аймағына алып кирилген дәри дәрмақлар олардың көтере ҳәм усақлап сатыўы менен шуғылланыўшы исбилерменлерге тиккелей ямаса оның рәсмий дилерлери арқалы реализациялаў электрон есап-фактура тийкарында әмелге асырылады;

    санлы маркировкалы өнимлерди көтере сатыў тек ғана нақ пулсыз түрде банк есап бетлери арқалы әмелге асырылады.