Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Мәжбүрий санлы маркировкалаў системасының нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған қосымша илажлар ҳаққында"ғы қарарына бола, Санлы маркировкалаў қағыйдаларына әмел етилиўин қадағалаў бойынша аймақлараралық салық инспекциясы шөлкемлестириледи.
Санлы маркалы өнимлер айланысының барлық басқышларында системалы қадағалаўды тәмийинлеў Инспекцияның тийкарғы ўазыйпаларынан бири етип белгиленди.
2025-жыл 1-сентябрьден:
қәўипти таллаў системасында мәжбүрий санлы маркировкалаў қағыйдаларын бузыў жағдайлары салық қәўипи дәрежесин жоқары деп баҳалаў ушын тийкар болады;
мәжбүрий цифрлы маркировкаланатуғын өнимлерди реализациялаўда маркировка коды бириктирилмеген электрон есап-фактураны рәсмийлестириўге жол қойылмайды;
мәжбүрий цифрлы маркировкаланыўшы өнимлерди усақлап сатыўда:
маркировка коды киргизилгеннен соң онлайн қадағалаў-касса техникасының касса чеки қәлиплестириледи;
алдын пайдаланылған маркировка кодлары киргизилгенде онлайн қадағалаў-касса техникасының касса чекин қәлиплестириўге жол қойылмайды.

