Мектеплерде 1-классқа қабыллаў қашаннан басланыўы мәлим етилди

    Ата-аналар my.maktab.uz электрон платформасы арқалы дизимнен өтип, арза тапсырыўы мүмкин.

    Атап өтилиўинше, мектеплерде 2025-2026-оқыў жылы ушын 1-классқа қабыллаў 20-июньнан басланады.

    Регламентке муўапық, 1-классқа қабыллаў процесслери 2 басқышта әмелге асырылады:

    1-басқыш: 20-июньнан 31-июльға шекем микроаймақ шеңберинде,
    2-басқиш: 1-августтан 15-августқа шекем микроаймақтан сыртта.

    1-классқа қабыллаў процесслери төмендеги түрде район (қалалар) да мәмлекетлик хызметлер арқалы әмелге асырылады.

    Онда ата-аналар 20-июньнан баслап my.maktab.uz электрон платформасы арқалы дизимнен өтип, арза тапсырыўы мүмкин.

    Мәмлекетлик хызметлер көрсетилмейтуғын аймақларда 1-классқа қабыл етилген оқыўшылар министрликтиң электрон системасы (adm.maktab.uz) на киргизиледи.

    Еслетпе! "Билимлендириў ҳаққында"ғы Нызамға муўапық, балалар 7 жасқа толған жылда мектепке қабыл етиледи. Быйыл 1-классқа 2018-жылдың 31-декабрьине шекем туўылған балалар қабыл етиледи.


    No date selected
    July 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates