Қорғаныў министриниң әскерлердиң жаўынгерлик таярлығын ҳәм қәбилетин арттырыў, бөлим ҳәм бөлимшелерди ҳәр тәреплеме таярлаў, оларды заманагөй қурал-жарақ ҳәм әскерий техника менен тәмийинлеў, сондай-ақ, Өзбекстан Қорғаныў санааты агентлигиниң жумысын жетилистириў бойынша белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы ҳәм әмелге асырылып атырған илажлар ҳаққындағы есабаты тыңланды.
Мәмлекет басшылығы тәрепинен армияның жаўынгерлик потенциалын ҳәм жеке қурамның руўхый-ағартыўшылық жағдайын ҳәр тәреплеме беккемлеў, қурал-жарақ ҳәм әскерий техниканы модернизациялаў, сондай-ақ, қорғаныў санааты кәрханаларын раўажландырыў бағдарындағы жумысларды даўам еттириў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Әскерий ҳәм оператив таярлық илажларын жеделлестириў, әскерий кәрханалардың офицер кадрлары ҳәм инженер-техникалық қурамын профессионал оқытыў системасын жетилистириў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Мәжилис жуўмағында мәмлекетимиз басшысы Қураллы Күшлерди буннан былай да раўажландырыў ҳәм мәмлекетимиздиң қорғаныў қәбилетин беккемлеў бойынша тапсырмалар берди.