Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықларын суд арқалы қорғаўдың заманагөй механизмлерин енгизиў бойынша қосымша илажлар ҳаққында"ғы қарары (ПҚ-33-санлы, 30.01.2025-ж.) қабыл етилди.

Қарарға бола, ҳәкимшилик судлардың жумысын жетилистириўдиң тийкарғы бағдарлары етип төмендегилер белгиленди:

мәмлекетлик уйымлар менен қатнасықларда пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплериниң исенимли және нәтийжели қорғалыўын тийкарғы түрде тәмийинлеў;

пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлериниң бузылған ямаса тартыслы болған ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин тиклеўде судтың белсене қатнасыў принципин қолланыў механизмлерин кеңейтиў;

мәмлекетлик уйымлар ҳәм лаўазымлы шахслардың жумысы үстинен нәтийжели суд қадағалаўын орнатыў;

ҳәкимшилик суд ислерин жүргизиўде келиспеўшиликлерди судқа шекем шешиў механизмлерин жетилистириў;

пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықларын қорғаўда ҳәкимшилик судлардың ролин күшейтиў арқалы халықтың суд системасына болған исенимин және де арттырыў;

мәмлекетлик уйымлар тәрепинен суд қарарларының орынланыўы үстинен қадағалаўдың тәсиршең механизмлерин толық енгизиў;

ҳәкимшилик әдиллик системасы раўажланған мәмлекетлер тәжирийбеси тийкарында ҳәкимшилик судлардың жумысын жетилистирип барыў.