Кейинги жыллары жаслардың билим алыўы, илим менен шуғылланыўы ҳәм потенциалын көрсетиўи ушын барлық шараят жаратылмақта. Соның ишинде, жоқары билимлендириў мәкемелериниң саны кескин артты. Тараўға жеке меншик сектор кирип келди, сырт ел университетлериниң филиаллары ашылды. Бул жаслардың сапалы билим алыў имканиятын және де кеңейтти.
Жас илимпазларды қоллап-қуўатлаў, илимий изертлеўлерди хошаметлеў ҳәм инновациялық идеяларды әмелиятқа енгизиўге үлкен итибар берилди. Бүгин илимий грантлар, стартап жойбарлар, жас изертлеўшилер ушын арнаўлы бағдарламалар енгизилмекте. Сол арқалы жаслардың илимге қызығыўшылығы және де күшеймекте.
Мәмлекетимиз жетекшисиниң жаслар менен сөйлесиўинде билимлендириўдиң сапасын арттырыў, шет тиллерин үйрениў, санлы технологияларды өзлестириў ҳәм китапқумарлық мәдениятын раўажландырыў сыяқлы мәселелер де айрықша итибар орайында болды. Бул ўазыйпалар, әсиресе, жоқары билимлендириў мәкемелериниң мойнына үлкен жуўапкершилик жүклейди.
Жаслардың билим алыўы, тил үйрениўи, кәсип ийелеўи ҳәм инновациялық идеяларын жүзеге шығарыўы ушын жаратылып атырған имканиятлар барлық жоқары оқыў орынларынан пүткиллей жаңа қатнасты талап етеди. Соннан келип шығып, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң 18 факультети, 58 кафедрасында жаслар менен ислесиўдиң мәнзилли системасы енгизиледи. Студент-жаслардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў ушын дөгереклер менен ислесиў бойынша платформа шөлкемлестириледи. Оған 8 мың студентти қамтып алыў режелестирилген. Қәбилетли жаслар ҳәм жас илимпазлардың стартап ҳәм инновациялық идеяларын әмелге асырыўға қаратылған изертлеў қолланбалары ҳәм жойбарларының саны жәми жойбар ҳәм қолланбалар көлемине салыстырғанда 30 процентке шекем арттырылады.
Сондай-ақ, университетте 40 жасқа шекемги, илимий дәреже ҳәм атаққа ийе, перспективалы профессор-оқытыўшылар, жас илимий ҳәм илимий-педагог кадрлар, жоқары потенциалға ийе жас илимпазларды улыўма профессор-оқытыўшылар санына салыстырғанда 400 ге шекем жеткериў мақсет етилген. Ҳәр бир студент университетте тек ғана билим алыўы емес, ал өз келешегин анық белгилеп алыўы ушын барлық шараятлар жаратылады.
Президентимиздиң атап өткениндей, билимлендириўге жаңа методика ҳәм инновацияларды енгизген басшының жумысында ҳақыйқый өзгерис жүз береди. Усы тийкарда университетте 2026/2027-оқыў жылынан дуал билимлендириў бағдарламасын енгизиў бойынша Үстирт газ қазып шығарыў басқармасы, "Қоңырат сода заводы" жуўапкершилиги шекленген жәмийети менен биргеликте 100 студент қабыл етиў режелестирилген.
Соның менен бирге, шет тиллерин оқытыўды жаңа форматта шөлкемлестириў, ҳәр бир питкериўши кеминде бир кәсиплик көнликпе ҳәм бир шет тилин әмелий дәрежеде билиўи тийкарғы мақсет етип белгиленеди. Сондай-ақ, шет тиллерин билетуғын 160 ментор студент-жасларды қайта таярлап, олар жазғы дем алыс ўақтында мәҳәлле жасларына шет тиллерин үйретиўи ушын қысқа курслар шөлкемлестириледи.
Шет тили бойынша миллий ямаса халықаралық тән алынған В2 ҳәм С1 дәрежедеги сертификатларды алыў көрсеткишин ҳәм студентлер, ҳәм профессор-оқытыўшылар арасында кескин арттырыў белгиленген. "Бес миллион жасалма интеллект жетекшилери" жойбары бойынша университеттиң 1000 профессор-оқытыўшысы ҳәм 17 мың студенти omp.aistudy.uz платформасында оқытылады.
Жаслар исбилерменлигин қоллап-қуўатлаў бағдарындағы жаңа қаржы механизмлери университетлер ушын да үлкен имканиятлар есигин ашады. Сонлықтан, студентлердиң стартап идеяларын бизнес жойбарға айландырыў бойынша менторлық системасы жолға қойылып, инвесторлар ҳәм исбилерменлердиң қатнасыўында стартап форумлары өткериледи. "Келешекке қәдем" бағдарламасы тийкарында усы жылы 3987 питкериўшиниң кеминде 20 проценти кредит алыўына жәрдемлесиў режелестирилген. Студентлердиң ең жақсы жойбарларын жергиликли өндирис ҳәм хызмет көрсетиў тараўларына енгизиўге айрықша итибар қаратылады.
Мәлимлеме ҳүжимлери күшли болған ҳәзирги дәўирде жаслардың руўхый иммунитетин беккемлеў әҳмийетли ўазыйпа болып табылады. Сол себепли китапқумарлық ҳәрекети жаңа басқышқа алып шығылады. Оның ушын усы жылы бир ўақыттың өзинде 300 ден аслам китапқумар сыятуғын заманагөй типтеги китапхана қурыў режелестирилген.
Қалаберди, 2026-жылы профессор-оқытыўшыларымыз өзбек ҳәм қарақалпақ тиллеринде 276 атамадағы жаңа әўлад оқыў әдебиятларын жаратады. Олар басылып, оқыўшылардың қолына жетип барады.
Мәмлекетимиз басшысы белгилеп берген ўазыйпалар тек ғана жаңа имканиятлар емес, ал ҳәр биримиз ушын жоқары жуўапкершилик болып есапланады. Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети жәмәәти бул ўазыйпаларды әмелге асырыўда белсене қатнасып, жасларымыздың илим, инновация, исбилерменлик ҳәм руўхыйлық тараўларында жетекши әўлад болып камалға келиўи ушын бар күш ҳәм имканиятларын жумсайды.
Бердияр ЖОЛЛЫБЕКОВ,
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректоры,
аўыл хожалығы илимлериниң докторы, профессор