Мақсет – муғаллимлердиң кәсиплик шеберлигин арттырыў

    Усы жыл 11-12-декабрь күнлери республикамыздың қала ҳәм районларындағы таяныш мектеплеринде өткерилип атырған “Кәсиплик раўажланыў күни” илажлары муғаллимлердиң кәсиплик раўажланыў системасын үзликсиз тәмийинлеў, олардың кәсиплик шеберлиги ҳәм тәжирийбе дәрежесиниң турақлы өсиўи ушын зәрүр шараятларды жаратыў, улыўма орта билим бериў мәкемелериндеги билимлендириўдиң сапасын арттырыўға бағдарланған.

    Усы илажларды шөлкемлестириўден мақсет – муғаллимлердиң кәсиплик шеберлигин арттырыў ҳәм методикалық жақтан жәрдем бериў ушын зәрүр шәраятларды жаратыў болып табылады.

    Қарақалпақстан Республикасындағы 34 таяныш мектепте анық ҳәм тәбийғый пән бағдарлары бойынша 1448 жетекши муғаллим қатнаспақта.

    Мағлыўмат ушын, “Кәсиплик раўажланыў күни” – муғаллимлердиң кәсиплик шеберлигин арттырыўы, дөретиўшилик жақтан излениўи ҳәм өз билимин турақлы байытып барыўы, заманагөй оқытыў методикасы менен информациялық-коммуникациялық технологиялардан утымлы пайдаланыў көнликпелерин раўажландырыўы ушын оқыў-семинар, тренинг, шеберлик сабақлары ҳәм өз бетинше билим алыўы ушын илажларды өткериў белгиленген ҳәптениң арнаўлы күни болып табылады.

    Қарақалпақстан хабар агентлиги.