баннер
27 Mar 2025
07:15

    Мақсет – кәмбағал шаңарақларға дәрамат табыў бағдарларын үйретиў

    Быйылғы жылдың 11-март сәнесинен баслап Президентимиздиң “Мәҳәллелерде қыйтақ жерлерден нәтийжели пайдаланыўды шөлкемлестириў арқалы халықтың бәнтлигин ҳәм дәраматларын арттырыўға қаратылған жумысларды буннан былай да жеделлестириў ҳаққында”ғы бийлигине тийкарланып республикамыз бойлап «Әҳмийетли бир айлық» жәрияланған еди.

    Мақсет – кәмбағал шаңарақларға дәрамат табыў бағдарларын, оларға қыйтақ жерден нәтийжели пайдаланыў арқалы жылына бир неше мәрте өним алыў ҳәм дәраматын арттырыў жолларын үйретиў.

    Сондай-ақ, усы арқалы шаңарақлардың абаданлығын тәмийинлеўге қаратылған илажлардың нәтийжелилигин және де арттырыўды нәзерде тутады.

    – Қызыл-қала аўыл пуқаралар жыйыны тийкарынан дийқаншылық ҳәм шарўашылыққа қәнигелескен аймақлардан есапланады. Аўыл пуқаралар жыйынында кейинги жыллары ыссыхана, бағшылық, қусшылық та кеңнен раўажланды, – дейди Беруний районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети бөлими баслығы А.Уразова.

    Усы аймақта жасаўшы Джарымбетова Гүлбазар қыйтақ жеринен жақсы пайдаланып киятырған шаңарақлардан есапланады. “Әҳмийетли бир айлық” илажлары шеңберинде шаңарағында 1 сотих ыссыхана шөлкемлестирген болып, ыссыхана ишинде овощ, палыз егинлериниң нәллерин жетистирип, нәллерди өз қыйтақ жерлерине ҳәм аўысқан бөлегин кем тәмийинленген шаңарақларға тарқатыўды режелестирген. Соның менен бирге, ол жасыл мәкан жойбары шеңберинде 300 түп павлония тереги нәллерин, 100 түп мийўели тереклерди еккен.

    Район Мәлимлеме хызмети бөлими берген мағлыўматларға бола, “Әҳмийетли бир айлық” илажлары шеңберинде район ҳәкиминиң басламасы менен жаңадан 20 шаңараққа ықшам ыссыханалар қурылып берилип, ҳәзирги ўақытта овощ, палыз егинлериниң нәллери жетистирилмекте.

    Қарақалпақстан хабар агентлиги.


    Телеграм каналымыз
    Text to speech