Хызмет сапары даўамында түркиялы ўәкиллер Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигине қараслы барлық емлеў ҳәм профилактикалық мәкемелеринде, қалалық ҳәм районлық медицина бирлеспелеринде үйрениў жумысларын алып барды.
Атап айтқанда, медицина бирлеспелеринде ушырасып атырған машқалалар, қамсызландырыў системасын енгизиўге таярлық жағдайы, әсбап-үскенелер ҳәм медициналық қураллар менен тәмийинленгенлиги көрилип шығылды.
Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигинде өткерилген мәжилисте үйрениў жумысларының барысы, Түркияның медициналық хызметлериниң сапасы ҳаққында қарақалпақстанлы медицина хызметкерлерине мағлыўматлар берилди. Пикир-усыныслар билдирилип, алдағы ўазыйпалар келисип алынды.
Үйрениўлердиң баслы мақсети – денсаўлықты сақлаў системасында әмелге асырылып атырған реформаларды тереңлестириў, халыққа көрсетилип атырған медициналық хызметлердиң сапасын халықаралық стандартлар дәрежесине алып шығыў, тараў нәтийжелилигин ҳәм ашық-айдынлықты тәмийинлеў болып есапланады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.