Мақсет – тараўда нызам үстинлигин тәмийинлеў

    Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан Кеңесинде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, тийисли министрликлер ҳәм басқармалардың ўәкиллери менен кәсиплик аўқамлары белсендилериниң «Мийнет тараўындағы зәрүр әҳмийетке ийе мәселелер» атамасында дөгерек сәўбети өткерилди. Илажды Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан Кеңесиниң баслығы У.Жалменов алып барды.

    Дөгерек сәўбетинде мийнет тараўындағы ҳәзирги күнде мийнеткешлерди толғандырып жүрген мийнетти қорғаў мәселелери, мийнет шәртнамасы, мәҳәллелердеги кем тәмийинленген шаңарақларды социаллық-экономикалық жақтан қоллап-қуўатлаў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў мәселелери, хызметкерлерди тийкарғы жумысынан басқа жумысларға тартыў жағдайлары бойынша ушырасып атырған машқалалар додаланды.

    Мәмлекетимиздеги сиясий-экономикалық турақлылық, оның басқышпа-басқыш базар экономикасына өтиўде өз жолын таңлаўы, социаллық-экономикалық тараўлардағы турақлылық, экономиканы модернизациялаўдың дурыс таңланған стратегиясы халқымыздың абаданшылығының артыўына мүмкиншилик жаратпақта.

    Мәмлекетимизде социаллық-экономикалық раўажланыўдың жаңа басқышына қәдем қойылып, түпкиликли өзгерислер, экономиканың турақлы өсиўи, макроэкономикалық тең салмақлылықты сақлаў, мәмлекетимиз экономикасын модернизциялаў нәтийжесинде социаллық тараўды раўажландырыў, жумыс орынларын жаратыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, жасаў орталығымызды абаданластырыў, билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў тараўларын реформалаў, пуқаралар ҳуқықларын қорғаўда үлкен жумыслар әмелге асырылмақта.

    Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан Кеңеси де республикамыздағы ең үлкен пуқаралық жәмийети институтларының бири сыпатында усы тараўда социаллық шериклик принциплери тийкарында жумыс алып бармақта.

    Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы ҳәм Өзбекстан Жумыс бериўшилер конфедерциясы арасында дүзилген Бас Жәмәәтлик Келисимниң қабыл етилиўи барлық буўындағы кәсиплик аўкамларына мийнеткешлердиң социаллық-экономикалық мәплерин қорғаў жумысларында буннан былай өз ҳәрекетин жанландырыўға имкан жаратпақта.

    Бас Жәмәәтлик Келисимде усыныс етилгениндей, 2023-2025-жыллар ушын Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси арасында Аймақлық жәмәәтлик келисими қабыл етилди. Соның менен бирге, бул ҳүжжет өз гезегинде орынлардағы жәмәәтлик шәртнамалардың мазмунын байытыў ҳәм мийнеткешлердиң социаллық-экономикалық мәплерин еле де нәтийжелирек қорғаў мүмкиншилигин береди.

    Кешиктириўге болмайтуғын социаллық-экономикалық машқалаларды додалаў ушын республикалық кәсиплик аўқамлары белсендилери ҳәм жумыс бериўшилердиң ҳүкимет, министрликлер, басқармалардың ўәкиллери менен дөгерек сәўбетлерин шөлкемлестирип барыў мақсети Бас Жәмәәтлик Келисим талапларын орынлаўдан ҳәм жоқарыда айтып өткенимиздей мийнет тараўындағы зәрүр әҳмийетке ийе мәселелер әтирапында пайда болған машқалаларды додалаўдан, пикир алмасыўдан ҳәм усылар тийкарында шешимин табыўдан ибарат.

    Дөгерек сәўбетинде мийнет тараўындағы машқалалар менен бирге турмыста әпиўайы пуқараны, ойландырып, қыйнап жүрген бир қатар машқалардың унамлы шешилгенлиги, ал айырымларының үстинде тийисли министрлик, шөлкемлер биргеликте жумыслар алып барыў керекли атап өтилди.

    Сондай-ақ, дөгерек сәўбети даўамында Қарақалпақстан Республикасы Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги, Экономика ҳәм қаржы министрлиги, Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ўәкиллериниң мийнет тараўындағы нызам үстинлигин тәмийинлеў бойынша машқалаларды анықлаўы ҳәм шешиўи, бюджетлик шөлкемлердеги мийнет ҳақы, социаллық қорғаў ҳәм мийнетти қорғаў жумысларын қаржыландырыў жумыслары, исбилерменлик субьектлерин қоллап-қуўатлаў ҳәм жаңа жумыс орынларын жаратыў бағдарындағы жумыслары талқыланып, пикир-усыныслар билдирилди. Қатнасыўшылар қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

    Ә.Жийемуратов,

    Қарақалпақстан хабар агентлиги.


    No date selected
    December 2024
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates