Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Европа Аўқамы басшыларының мәмлекетимизге сапары жуўмақланды

    Усы жылдың 4-апрель күни Самарқанд халықаралық аэропортында Жоқары мәртебели мийманларды Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Арипов ҳәм басқа да рәсмийлер шығарып салды.

    Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 3-4-апрель күнлери Самарқанд қаласында "Орайлық Азия - Европа Аўқамы" биринши саммити болып өтти.

    Европа кеңеси Президенти Антониу Кошта, Европа комиссиясы Президенти Урсула фон дер Ляен, Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров, Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон ҳәм Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедов мәмлекетимизге сапарын жуўмақлап, елине жөнеп кетти.