Мәжилисте Өзбекстан, Қазақстан, Қырғызстан ҳәм Тәжикстан ўәкиллери қатнасты.
Қатнасыўшылар дәслеп Аўғанстан мәселелери бойынша арнаўлы ўәкиллер дәрежесинде Контакт топарын шөлкемлестириўдиң әҳмиqетли екенлиги ҳаққында сөз етти.
Бул топар Орайлық Азия мәмлекетлери ушын улыўма қызығыўшылық оятатуғын мәселелер бойынша турақлы ҳәм мақсетли сөйлесиў алып баратуғын бийғәрез регионаллық платформа сыпатында қаралмақта.
Ушырасыўда Орайлық Азия ҳәм Аўғанстанның геостратегиялық орны, тарийхый жақтан байланыслы мәдений ҳәм экономикалық мәкан, сондай-ақ, Евроазияда турақлылық, қәўипсизлик ҳәм турақлы раўажланыўды тәмийинлеўге болған улыўмалық мәплерди есапқа алып, Аўғанстан мәселесине бийғәрез көзқарасты раўажландырыў әҳмиqетли екенлиги атап өтилди.
Тәреплер Аўғанстандағы жағдай бойынша улыўма, тең салмақлы ҳәм реал көзқарасларды ислеп шығыўға келисип алды.
Орайлық Азия ҳәм Аўғанстан арасындағы саўда-экономикалық, транспорт-логистика ҳәм мәдений-гуманитарлық байланысларды тиклеў ҳәм раўажландырыў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Орайлық Азия мәмлекетлериниң ўәкиллери Аўғанстанның ҳәзирги әмелдеги ҳәкимияты менен бирге ислесиў мәселелери бойынша пикир алысты. Регионаллық қәўипсизлик, соның ишинде, трансшегаралық жынаятшылық, экстремизм ҳәм терроризмге, сондай-ақ, наркотик затлардың саўдасына қарсы гүресиў тараўында бирге ислесиўди кеңейтиўге қызығыўшылық билдирилди.
Контакт топары Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының Мәсләҳәт ушырасыўлары шеңберинде турақлы ушырасыўларды өткериў мақсетке муўапық екенлиги ҳаққында келисип алды.








