Ең аўыр жағдай ўәлаяттың ҳәкимшилик орайы - Парун қаласында жүзеге келген. Жергиликли ҳәкимият мағлыўматларына қарағанда, жоғалғанлар арасында қала ҳәкими де бар. Излеў-қутқарыў жумыслары даўам етпекте.

Жергиликли ҳәкимият ўәкиллериниң сөзлерине бола, тәбийғый апатшылық Парунның орайлық бөлимин дерлик ўайран еткен. Суў ағымлары муниципал имаратлар, мийманханалар, онлаған дүканлар ҳәм базарды ўайран еткен. Суў тасқынынан кейин көшелер ири таслар менен толып қалған, бул болса адамларды излеў ҳәм ақыбетлерин сапластырыўды сезилерли дәрежеде қыйынластырмақта, деп жазады "mk.ru".

Аўғанстанның тәбийғый апатшылықларға қарсы гүресиў миллий агентлиги суў тасқыны ақыбетинде оғада көп инсанлар қурбан болғанын ҳәм үлкен материаллық зыян көрилгенин тастыйықлады. Ҳүкимет қутқарыў жумысларын ҳәм қайтыс болғанлардың денелерин алып шығыўды даўам еттирмекте.

Мәмлекет ҳүкимети Аўғанстанда экстремал ҳаўа-райы ҳәдийселери тез-тез жүз берип атырғанын атап өтпекте. Қоршаған орталықты қорғаў миллий агентлиги баслығының атап өтиўинше, климат өзгериўи гуманитар кризисти күшейтпекте ҳәм ўайран етиўши суў тасқынлары санының артыўына алып келмекте.

Аўғанстан мәўсимлик муссон жаўынларына региондағы ең әззи мәмлекетлерден бири болып қалмақта. Соңғы ҳәптелерде Ҳиндстан ҳәм Непалда да күшли жаўын-шашынлар көплеген қурбанлар ҳәм апатшылықларға себеп болды, бул жерде онлаған адамлар қайтыс болды.