Машқалалар шешимсиз қалдырылмайды

    5 мамыр 2025 207

    Усы жыл 4-май күни Беруний районында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаевтың Әмиўдәрья, Елликқала, Беруний, Төрткүл районларындағы исбилерменлерди көшпели қабыллаўы болып өтти.

    Онда тийкарынан исбилерменлерди қыйнап киятырған машқалалар ҳәм усыныслар тыңланып, унамлы шешим табыўға ҳәрекет етилди.

    Дәслеп, Жоқарғы Кеңес Баслығы бүгинги күнде Президентимиз тәрепинен Қарақалпақстанда исбилерменликти раўажландырыў ҳәм қоллап-қуўатлаў, инвестициялық тартымлылықты арттырыў бойынша айрықша қабыл етилген пәрман ҳәм қарарлары тийкарында жаратылған имканиятлар кең түрде атап өтилди.

    Буннан соң исбилерменлердиң мүрәжатлары тыңланып, орнында шешимин табыў илажлары көрилди.

    Қабыллаўда тийкарынан исбилерменликти раўажландырыў бағдарында ушырасып атырған машқалалар, қаржыландырыў ҳәм кредит ажыратыў мәселелери, кадастр ҳүжжетлерин рәсмийлестириў, жер орынларын ажыратыў, бюрократиялық тосықлар, қайта ислеўди, өндиристи кеңейтиў бағдарында мүрәжатлар билдирилди.

    Билдирилген мүрәжатлардың басым көпшилигине орнында шешимин табыў илажлары көрилди. Буннан тысқары, ўақыт талап етилетуғын мүрәжатлар Жоқарғы Кеңес Баслығының жеке қадағалаўына алынып, тез пурсатта унамлы шешиў бойынша тийисли тараў басшыларына тапсырмалар берилди.

    Қарақалпақстан хабар агентлиги.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates