Пәрманға бола, 2025-жылы арнаўлы экономикалық ҳәм санаат зоналарын раўажландырыўдың тийкарғы мақсетли көрсеткишлери етип төмендегилер белгиленди:
арнаўлы экономикалық зоналарда 2,3 миллиард АҚШ доллары муғдарындағы инвестицияларды өзлестириў, экспорт көлемин 1 миллиард АҚШ долларына жеткериў, өндирис көлемин 4,3 миллиард АҚШ долларына тең муғдарда тәмийинлеў ҳәм 12 мың жаңа турақлы жумыс орынларын жаратыў;
санаат зоналарында 800 миллион АҚШ доллары муғдарындағы инвестицияларды өзлестириў, экспорт көлемин 512,2 миллион АҚШ долларына жеткериў, өндирис көлемин 1,8 миллиард АҚШ долларына тең муғдарда тәмийинлеў ҳәм 17 мың жаңа турақлы жумыс орынларын жаратыў.
Жаңадан шөлкемлестирилетуғын қәнигелестирилген зоналар тек ғана арнаўлы экономикалық зона ямаса санаат зонасы түринде шөлкемлестириледи.
Арнаўлы экономикалық зоналар жумысы бойынша тек ғана экспортқа бағдарланған жойбарларға қәнигелескен, майданы қоршалған арнаўлы экспорт зонасы түринде де шөлкемлестирилиўи мүмкин.
Арнаўлы экономикалық зоналардың жумыс ислеў мүддетине байланыслы шеклеўлер бийкар етиледи.