Мәденият хызметкерлериниң мийнет ҳақысы арттырылады

    27 қараша 2024 14

    Мәденият ҳәм көркем өнер, мәлимлеме-китапхана ҳәм музейлер тараўында жумыс алып барып атырған хызметкерлердиң мийнет ҳақысы муғдарларын арттырыў ҳаққында»ғы Президент қарары (ПҚ-400-санлы, 22.11.2024ж) қабыл етилди.

    Қарарға бола, мәмлекетлик мәкемелер ҳәм шөлкемлер хызметкерлериниң мийнет ҳақысы төмендеги муғдарларда арттырылады:

    -2025-жыл 1-январьдан баслап – 20 процентке;

    -2025-жыл 1-июльден баслап – және 15 процентке арттырылады.

    Мәмлекетлик мәденият мәкемелер ҳәм шөлкемлеринде хызмет көрсетип атырған хызметкерлердиң жумыс нәтийжелилигин баҳалаў (KPI) системасы енгизиледи,-деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.