ҒМДА Парламентлераралық Ассамблеясы Кеңесиниң мәжилиси болып өтти

    Бурын хабар бергенимиздей, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Нарбаева басшылығындағы Өзбекстан парламент делегациясы Санкт-Петербург қаласында Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамына ағза мәмлекетлер Парламентлераралық Ассамблеясының бәҳәрги сессиясы илажларында қатнаспақта.

    Өзбекстан делегациясы Парламентлераралық Ассамблея Кеңесиниң мәжилисинде қатнасты.

    Кеңес мәжилисиниң күн тәртибиндеги мәселелерди додалаўға өтиўден алдын Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамына ағза мәмлекетлердиң Парламентлераралық Ассамблеясы Кеңесиниң баслығы, Россия Федерациясы Федерал Мәжилиси Федерал Кеңесиниң Баслығы В.Матвиенко Парламентлераралық аўқамның Ташкент қаласында өткерилген 150-юбилей ассамблеясы ҳәм оның нәтийжелерине тоқтап өтип, бул әнжуманның жоқары дәрежеде шөлкемлестирилгени, қабыл етиўши тәрептиң мийманларды қабыл етиў ҳәм илажды өткериўдеги жоқары шеберлиги және жуўапкершилигин айрықша атап өтти ҳәм Танзила Камаловнаны ҳәм оның жәмәәтин усы абырайлы илажды жоқары дәрежеде өткергени менен қутлықлады.

    Өз гезегинде, Олий Мажлис Сенатының Баслығы Т.Нарбаева бул Ассамблея ҒМДА мәмлекетлери парламент делегацияларының белсене қатнасыўы, олардың қабыл етилген ҳүжжетлерге қосқан үлеси ҳәм алға қойған усыныслары үлкен әҳмийетке ийе екенин атап өтти. Сондай-ақ, келешекте де бундай ири халықаралық әнжуманларды өткериўде бирге ислесиўге бәрқулла таяр екенин айрықша атап өтти.

    Буннан соң күн тәртибиндеги мәселелер көрип шығылды.

    Қатнасыўшылар ҒМДА ПА халықаралық бақлаўшыларының Беларус Республикасы Президенти сайлаўы ҳәм Тәжикстан парламентлик сайлаўы мониторинги нәтийжелерине итибар қаратты.

    Атап айтқанда, ҒМДА ПА миссиясы координаторы, Олий Мажлис Сенаты Суд-ҳуқық мәселелери ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў комитетиниң баслығы А.Эшмуратовтың 2025-жыл 2-мартта Тәжикстан парламентине болып өткен сайлаўды бақлаў нәтийжелери ҳаққында мағлыўмат берип өтти.

    Сондай-ақ, Кеңес мәжилисинде ҒМДА Парламентлераралық Ассамблеясының 2024-жылдағы жумысына жуўмақ шығарылып, келешекте өткерилиўи режелестирилген халықаралық саммитлерге таярлық мәселелери додаланды, деп хабар бермекте Олий Мажлис Сенатының баспасөз хызмети.

    No date selected
    May 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates