Шөлкемлестирилген семинар-тренинглерде маман ҳәм тәжирийбели қәнигелер тәрепинен журналистика, санлы медиа ҳәм мәлимлеме технологиялары бағдарларында әҳмийетли темалар додаланды.
Семинар-тренинглерде маман ҳәм тәжирийбели қәнигелер тәрепинен жасалма интеллект дәўиринде медиа қәўипсизлик ҳәм санлы гигиена, қорғаў усыллары, ҒХҚ ҳәм социаллық тармақларда мәлимлеме мәканы ҳәм ҳәзирги күндеги әдеп-икрамлылық нормалары, “контент” түсиниги, тараўға байланыслы нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер ҳәм нызамды қолланыўда жүзеге келетуғын машқалалар бойынша кеңнен мағлыўмат берилди.
Буннан тысқары, заманагөй монтаж түрлери, стабилизаторлар менен ислесиў, кризиске қарсы стратегиялар ҳәм ашықлық индексин арттырыў усыллары, аудиторияның әҳмийетли сораўларына бейимлесиў сыяқлы темалар бойынша ҳәр тәреплеме пикир алысылды.
“Медиа ҳәптелик”тиң соңғы күнинде ҳәпте жуўмағына бағышланған Медиа форум болып өтти. Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Аппараты мәлимлеме бөлими баслығы Азамат Ажимуратов, Қарақалпақстан Республикасы Туризм басқармасы баслығы Байрам Қусекеевтиң презентациясы қатнасыўшыларда үлкен қызығыўшылық оятты. Сондай-ақ, Контент орайы тәрепинен әмелге асырылып атырған жойбарлар таныстырылды. Қатнасыўшылар илаж бойынша өзлериниң пикир-усынысларын ҳәм тараўда ушырасып атырған машқалаларды сапластырыў бойынша усынысларын билдирди.
Жуўмағында семинарларда белсене қатнасқан теле, радио, газета журналистлери, блогерлер ҳәм медиа тараўы хызметкерлери және жас қатнасыўшыларға шөлкемлестириўшилер тәрепинен арнаўлы сертификатлар салтанатлы түрде тапсырылды.
Қарақалпақстаннан басланған бул жойбар мәмлекетимиздиң барлық аймақларында усы жылдың 26-июнине шекем даўам етеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.