"Өзбекстан Республикасы пуқараларын сырт елде шөлкемлескен тәртипте жумысқа жайластырыў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында"ғы Ҳүкимет қарары (252-санлы, 22.04.2025 ж.) қабыл етилди.
Қарарға бола, "Сырт елге жумысқа таярлаў орайы" шөлкемлестириледи ҳәм онда "Бир айна" принципи тийкарында мийнет миграциясына байланыслы хызметлер көрсетиледи.
Сондай-ақ, жолаўшы автобуслардың санын көбейтиў арқалы сырт елге ўақтынша мийнет етиў ушын кетип атырған ҳәм қайтып атырған пуқараларды тасыўда арзан ҳәм тәртипли транспорт қатнаўы жолға қойылады.
Қарар менен "Сырт елде мийнет етиў ушын кетип атырған ҳәм мийнет миграциясында болған пуқараларға субсидия, компенсация ҳәм кредитлер ажыратыў тәртиби ҳаққында"ғы Реже тастыйықланды.
Режеге бола, субсидия ҳәм компенсациялар "Сырт елде жумыс" мийнет миграциясы электрон программалық комплексинде дизимнен өткен ҳәм шөлкемлескен ҳалда мийнет миграциясына кетип атырған пуқараларға төмендеги қәрежетлерди қаплаў бойынша ажыратылады, соның ишинде:
шет тиллери ҳәм (ямаса) кәсип бойынша қәнигелик имтиханларын тапсырыў қәрежетлерин қаплаў ушын, олар табыслы тапсырылғанда ҳәм сертификат алынғанда - БЕМның 3 есесине шекем;
сырт елде мийнет етиўге "жумысшы виза"ны рәсмийлестириў қәрежетлерин қаплаў ушын - БЕМниң 5 есесине шекем;
жол билетин сатып алыў менен байланыслы қәрежетлерди қаплаў ушын - БЕМның 2 есесине шекемги муғдарда;
немис, инглис, япон ҳәм корейс тиллери бойынша кеминде В1 ямаса оған теңлестирилген дәрежедеги халықаралық сертификат алған питкериўшилери болған ең көп 50 оқытыўшыға - 50 миллион сум муғдарында.
Ўақытша мийнет етиў ушын шөлкемлескен ҳалда раўажланған мәмлекетлерге шығып кетип атырған пуқараларға коммерциялық банклер тәрепинен 10 миллион сумға шекем Орайлық банктиң тийкарғы ставкасынан 4 процентлик пунктке жоқары ставкада 2 жыл мүддетке микрокредитлер ажыратылады.








