Өзбекстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги жанындағы Билим ҳәм маманлықты баҳалаў агентлиги бундай хабарлар ҳақыйқатқа туўра келмейтуғынын билдирип, рәсмий түсиник берди.

"Шет мәмлекетлерде берилген дипломларды Өзбекстан Республикасы аймағында тән алыў Өзбекстан Республикасының "Билимлендириў ҳаққында"ғы Нызамы ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 24-июльдеги 620-санлы "Шет мәмлекетлерде алынған билимлендириў ҳаққындағы ҳүжжетлерди тән алыў тәртиби ҳаққында"ғы Режесине муўапық әмелге асырылады. Бул Режеде Өзбекстан Республикасы аймағында қосымша тәртипсиз тән алынатуғын сырт мәмлекетлердиң билимлендириў ҳаққындағы ҳүжжетлериниң категориялары белгиленген", делинеди хабарда.

Агентликтиң атап өтиўинше, тармақларда тарқалып атырған мағлыўматлар ҳақыйқатқа туўра келмейди.

Бүгинги күнде Өзбекстан, Қырғызстан, Түркменстан, Тәжикстан ҳәм Қазақстан арасында дипломларды өз-ара тән алыў ҳаққында халықаралық келисим жоқ.

Сырт мәмлекетлер тәрепинен берилген дипломларды тән алыў усы мәмлекетлердиң ҳәр биринде олардың миллий нызамшылығы талапларына муўапық әмелге асырылады.