Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 8-сентябрьдеги “Мектептен тысқары билимлендириў системасын жаңа басқышқа алып шығыў илажлары ҳаққында”ғы қарарына муўапық, “Келешек” орайларының улыўма орта билим бериў шөлкемлеринде вертикал системасын енгизиў мақсетинде оқыўшылардың басламаларын қоллап-қуўатлаў бойынша мектеп мәсләҳәтшиси лаўазымы енгизилмекте. Буннан гөзленген мақсет, мектептен тысқары билимлендириў шөлкемлериниң жумысын түп-тийкарынан қайта көрип шығыў, заманагөй көзқараслар тийкарында раўажландырыў арқалы балалардың бос ўақтын мазмунлы ҳәм нәтийжели шөлкемлестириў, оларды интеллектуаллық жақтан жетик, Ўатанға садық, тарийхымызға ҳәм миллий мәдениятымызға ҳүрмет руўхында тәрбиялаўдан ибарат.

Сәўбеттен алдын усы жылдың 16-январь күни тест сынақлары өткерилген еди. Бул процессте усы лаўазымға республика бойынша 128 мектепке жәми 728 талабан ҳүжжет тапсырып, соннан 569 талабан өз билимлерин сынақтан өткерди.

Сәўбетлесиў процеси де белгиленген тәртип ҳәм талаплар тийкарында ашық-айдынлықта әдиллик принциплерине әмел еткен ҳалда шөлкемлестирилип, талабанлардың жетекшилик ҳәм интакерлик потенциалы, әмелий тәжирийбеси, машқалалы жағдайларда дурыс қарар қабыл етиў қәбилети, жаслар менен ислесиўдеги қатнасы қалыс баҳаланбақта.

Таңлаў процесслериниң әдил өтиўин тәмийинлеў мақсетинде апелляция механизми жолға қойылған болып, мүрәжатлар нызамшылық тийкарында көрип шығылады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.